Әдиллик тараўында «Сиз келмең – өзимиз барамыз», «Сиз қай жерде болсаңыз биз сол жерге барып хызмет етемиз», «Өзимиз келдик» сыяқлы көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша жаңа жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны халыққа қосымша имканият ҳәм жеңилликлер жаратпақта. Әҳмийетлиси, көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетиў арқалы пуқаралардың қымбатлы ўақты, қәрежети үнемленеди. Халқымыз болса, жумысы тез питкенине қуўанышлы.
Қараөзек районы Әдиллик бөлиминиң Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен «Өзимиз келдик» жойбары шеңберинде Mobile-ID системасын халыққа түсиндириў мақсетинде «Академик Сабыр Камалов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Пуқараларға қолайлықлар жаратыў ҳәм олардың сергиздан болыўының алдын алыў мақсетинде өткерилген ушырасыў барысында пуқараларға системаның әҳмийетли тәреплери ҳәм оннан пайдаланыў қағыйдалары түсиндирилди. Сол жердиң өзинде 35 пуқара идентификацияланды. Сондай-ақ, пуқараларға балаларын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жайластырыў бойынша 20 дан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Усы күни Нөкис районлық 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ислейтуғын 32 муғаллим, Mobile-ID системасы арқалы электрон ҳүкимет системасынан пайдаланыўшыларды идентификациялаў бойынша Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының 34 хызметкери усы система арқалы дизимнен өткерилди.
Мағлыўмат ушын, жақында шахсты идентификациялаў ушын Mobile-ID системасы иске түсирилди. Бул система жәрдеминде пуқаралар жанында алып жүретуғын мобиль телефон номери арқалы дизимнен өтип, барлық мәмлекетлик хызметлерден электрон санлы қолтаңбасыз пайдаланыўы мүмкин болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги