2022-жыл 21-ноябрь жағдайына Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 105299 жеке хожалықлар суйылтырылған газ бенен тәмийинленип келинбекте.

Суйылтырылған газ бойынша усы дәўир ушын жеке хожалықларға 15649 тонна газ фонды ажыратылған болып, газди қайта ислеўши заводлардан толығы менен тасып алынған. Жыл басынан жеке хожалықлар ушын 15442 тонна суйылтырылған газ фонды белгиленип, әмелде 15884 тонна газ  хожалықларға тарқатылған.

– Республикамыздағы жеке хожалықларға суйылтырылған газ жеткерип бериў ушын айланыста 169838 дана газ баллон ыдыслары бар,-дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Руслан Ибрагимов. – Бүгинги күнде кәрхананың орайлық складында 417, районлық газ аймақлары складында 1248, жәми 1665 дана газ баллон ыдыслары бар.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-октябрьдеги  «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын  тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында көрсетилген ўазыйпаларды           орынлаў мақсетинде, филиал тәрепинен жеке хожалықларға суйылтырылған газ жеткерип бериўдиң есабын алыў ҳәм қадағалаўдың онлайн системасын иске түсириў тәртиби ислеп шығылды.

Бүгинги күнде усы бағдарлама тийкарында республикамыздағы суйылтырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықлардың ҳәммесине  ID карталар ҳәм айланыста болған турмыслық газ баллон ыдысларына арнаўлы штрих кодлы стикерлер толық бириктирилди. Исленген жумыслар Е-газ программасына киргизилип, жеке хожалықларга онлайн программа арқалы ID карталар менен суйылтырылған газ жеткерип бериў жолға қойылмақта.

Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 23-сентябрьдеги қарарында гүзги-қысқы мәўсимде алыс аймақларға 9149 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў тапсырылған. Қарарға муўапық республкамыздың алыс аймақларына 93 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў белгиленген.

Филиалымызға караслы арнаўлы газ баллонларды тасыўшы автотранспортлар жәрдеминде алыс аўылларға  да суйылтырылған газ жеткерилип берилмекте.

Газ баллонлардан қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалымызға тийисли газ толтырыў станциясы ҳәм газ толтырыў пунтклеринде газ баллонларды сынаў ҳәм техникалық тексериўден өткериў лабораториялары жумыс ислеп турыпты.

Жыл басынан Нөкис газ толтырыў станциясына ислеп шығарыўшы заводлардан арнаўлы автоцистерналар ҳәм вагонцистерналар менен 3420 тонна суйылтырылған газ тасып алып келинди.

Станциядан газ толтырыў пунктлерине 906 тонна суйылтырылған газ транзит етилди, жеке хожалықларға 2764 тонна суйылтырылған газ жеткерип берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги