Таныстырыў

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 15-октябрь күни Әзербайжан пайтахты Баку қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң жетинши саммитинде шөлкемге ағза мәмлекетлер әдебиятының ең сайланды үлгилеринен ибарат 100 томлық китаплар топламын ҳәр бир мәмлекеттиң ана тилинде басып шығарыў идеясын алға қойған еди.

Әне усы жақсы баслама тийкарында елимизде «Түркий әдебият дүрданалары» атлы 100 томлық шығармалар топламы басып шығарылды. Кеше Өзбекстан Илимлер академиясы Әбиў Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институтында жәмийетимиздиң социаллық-руўхый турмысында әҳмийетли ўақыя болған бул салмақлы топлам менен таныстырыў мәресими болып өтти.

Таныстырыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  кеңесгөйи Хайриддин Султанов шығып сөйлеп, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңа руўхый-ағартыўшылық басламалар, ийгиликли ҳәм инсанпәрўарлық жойбарлар, атап айтқанда, «Түркий әдебият дүрданалары» атлы  100 томлық шығармалар топламы басып шығарылыўының Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги әдебий дипломатияны қәлиплестириўдеги жәмийетлик-сиясий ҳәм руўхый әҳмийети, түркий халықлар арасында бирден-бир тарийх ҳәм улыўма қәдириятлар тымсалына айланған әдебий байланыслар ҳаққында пикир билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң директоры Асаджон Ходжаев бул ири топламды жаратыў менен байланыслы процесслер, алып барылған илимий ҳәм дөретиўшилик изленислер ҳаққында мағлыўмат берди.

Топламға улыўма түркий әдебияттың әййемги дәўиринен бүгинги күнимизге шекем жаратылған дөретпелери, соның ишинде, Өзбекстан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, сондай-ақ, Түркменстан ҳәм Венгрия мәмлекетлериниң классикалық ҳәм заманагөй жазыўшыларының шығармаларынан ең сайланды үлгилер киргизилген.

Комплекстиң «Улыўматүркий әдебият үлгилери» деп аталатуғын дәслепки 5 томынан Маҳмуд Қашқарийдиң «Девану луғат ит-түрк», Юсуф Хас Ҳажибтың «Қутағду билиг», Аҳмад Югнакийдиң «Ҳибат ул-ҳақайық»,  Ахмед Яссаўий ҳәм Сулайман Бақырғанийдиң «Ҳикметлер»и және Насриддин Рабғузийдиң «Қиссаси Рабғузий» сыяқлы классикалық шығармалары орын алған. 28 томды қурайтуғын «Өзбек әдебияты үлгилери» Әлийшер Наўайының таңламалы ғәзеллери менен басланып, қарақалпақ әдебиятының үлгилерин де өз ишине алады.

Көп томлықта түрк, әзербайжан, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен көркем дөретиўшилигине де кең орын ажыратылған. Соның ишинде, Жалаладдин Румий, Юнус Эмра, Низамий Генжеўий, Нәсимий, Физулий, Мақтумқулы, Молланепес, Назым Ҳикмет, Самад Вурғун, Абай, Мухтар Әўезов, Сабит Муханов, Шынғыс Айтматов, Төлеген Қасымбеков, Мар Байжиев, Атажан Тоған сыяқлы классикалық ҳәм заманагөй әдебияттың 100 ден аслам ғайраткерлериниң қәлемине тийисли бийбаҳа мийрас жәмленген. Белгили венгер жазыўшылары шығармаларының аўдармалары жуўмақлаўшы том сыпатында берилген.

«Түркий әдебият дүрданалары» топламын баспаға таярлаў процесинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң шөлкемлестириўинде қысқа мүддетли көлемли мийнет, бийбаҳа дөретиўшилик жумыс әмелге асырылды. Топлам ушын материал топлаў мақсетинде туўысқан мәмлекетлерге бир неше мәрте дөретиўшилик сапарлар шөлкемлестирилди. Ең қәнигели дилмашлар, әдебияттаныўшы ҳәм текстолог илимпазлар, жазыўшылар, редактор ҳәм художниклер топламды таярлаў ҳәм басып шығарыў жумысларына кеңнен тартылды.

Оғада итибарлылық ҳәм үлкен жуўапкершилик талап ететуғын бундай кең көлемли дөретиўшилик процессте усы күнге шекем әмелге асырылған дилмашлар арасынан ең сайландылары, аўдарма өнериниң классикалық үлгилери сыпатында тән алынған жетик шығармалар таңлап алынды. Бул дөретиўшилик жойбарда Ғафур Ғулам, Мирзакалон Исмайлий, Миртемир, Насыр Фазылов, Пиримқул Қадыров сыяқлы устаз жазыўшылар менен бир қатарда көркем аўдарма тараўының бүгинги қәбилетли ғайраткерлериниң унамлы жумысларына да өз алдына орын ажыратқан.

– «Түркий әдебият дүрданалары» топламы басып шығарылғаны ушын Әзербайжан мәмлекети тәрепинен Президент Шавкат Мирзиёевқа өз миннетдаршылығымызды билдиремиз, – деди таныстырыў мәресиминде шығып сөйлеген Ташкенттеги Әзербайжан мәденият орайының директоры, Әзербайжан Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасының биринши хаткери Самир Аббасов. – Бул оғада әҳмийетли тарийхый ўақыя. Енди китапқумарлар түркий мәмлекетлердиң жазыўшы ҳәм шайырларының шығармаларын өз ана тиллеринде оқыў имканиятына ийе болды. Әдебият – өмир айнасы. Ҳәр бир халық өз әдебияты, мәденияты арқалы дүньяға танылады. Ҳәзир де әдебият халықлар арасындағы дослықты беккемлеўде әҳмийетли қурал болып табылады. Биз бул топлам ҳаққында Әзербайжан ғалаба хабар қуралларына мағлыўмат жибердик. Бул ўақыя Әзербайжанда үлкен қызығыўшылық оятты. Ҳәзирги ўақытта, бул топлам Шавкат Мирзиёевтиң түркий әдебияттың раўажланыўына қосқан үлкен үлеси сыпатында жоқары баҳаланбақта.

– Түркий мәмлекетлер арасындағы байланыслар басқышпа-басқыш раўажланбақта, – деди Қырғызстан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы мәденият мәселелери бойынша атташеси Айжамал Қарамурзаева.  – Бунда мәдений бирге ислесиўге үлкен итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Түркий әдебият дүрданалары» топламын басып шығарыўға байланыслы басламасы үлкен жойбар болып табылады. Ол түркий мәмлекетлер арасындағы мәдений-ағартыўшылық байланысларының раўажланыўына мүнәсип үлес қосады. Бул топламды таярлаўда мийнет еткен дилмашлар менен дөретиўшилерге миннетдаршылық билдирмекшимен.

– Расын айтқанда, Президентимиздиң усынысы түскенде, қысқа ўақыт ишинде бундай үлкен жойбарды ислеп үлгере аламызба, деген сораў туўылған еди, – деди «Жәҳән әдебияты» журналының бас редакторы, белгили журналист ҳәм дилмаш Аҳмаджан Мелибаев. – Топламды таярлаўда Жазыўшылар аўқамының жуўапкерлери, илимпазлар, баспалар, журналистлер биргелесип жумыс иследик. Топламның мысалында түркий тиллес халықлар әдебиятының басып өткен унамлы жолын көрсетип бериўге ҳәрекет еттик. Соның менен бирге, бул топламды таярлаўда туўысқан халықлардың әдебиятында қандай процесслер жүз берип атырғанын да түсиндик. «Түркий әдебият дүрданалары» топламының басып шығарылыўы Жаңа Өзбекстанның руўхый дүньясын көрсететуғын теңсиз жойбар болды.

Таныстырыў мәресиминде шығып сөйлегенлер бул әдебий дүрдананың басып шығарылыўы туўысқан халықларымыз арасындағы әзелий дослық байланысларын және де беккемлеўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Одил Абдураҳманов қатнасты.

Назокат Усманова,

ӨзАның хабаршысы