Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң самиити болып өтпекте.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

– Мәмлекетлеримиздиң өз-ара товар айланысы улыўма саўдамыздың тек 4 процентин ғана қурайды. Оның қалғаны болса үшинши мәмлекетлердиң үлесине туўра келмекте. Әлбетте, бундай жағдай ҳеш биримизди қанаатландырмайды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Буннан тысқары мәмлекетлеримиз арасында айырым импорт бажыхана тарифлери жоқары болып қалмақта. Бул стратегиялық бағдарда жағдайды түп-тийкарынан өзгертиў, саўда, инвестиция ҳәм хызметлердиң еркин ҳәрекетин тәмийинлеў ушын Шөлкемимиз шеңберинде «Жаңа экономикалық имканиятлар аймағы»н дүзиў басламасын алға қоямыз.

Мәмлекетимиз басшысы Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер және дүньяның жетекши бизнес ўәкиллерин кеңнен тарта отырып, ҳәр жылы Халықаралық түркий экономикалық форумды өткериўди усыныс етти.

– Биз Транскаспий халықаралық коридоры ҳаққында көп айтып атырмыз, бирақ сезилерли нәтийжелерге ерисиў ушын бираз жумыслар ислеўимиз керек. Мысалы: Өзбекстан бул транспорт коридоры арқалы 10 процент сыртқы саўда жүклерин тасымақта, – деди Шавкат Мирзиёев.

ӨзА