Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, белгили киносценарист, драматург, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға институт профессор-оқытыўшылары, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Ушырасыўда Қарақалпақстан халық муғаллими, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент А.Пазылов жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берип өтти.
Дөретиўшилик жумыслары даўамында Муратбай Нызанов бүгинги күнге шекем елиўден аслам китаплар, таңламалы шығармаларының он томлығы, «Қарақалпақлар» китабының еки томлығы ҳәм басқа да дөретпелери менен халқымыздың сүйикли жазыўшысына айланған.
Халқымыз Муратбай Нызанов дегенди еситкен ўақытта қарақалпақ халкының миллий өзине тәнлигин, характерин көрсетип беретуғын көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерди де көз алдына келтиреди. Тоғыз көркем фильм, қырқтан аслам ҳүжжетли фильм, төрт мультфильмниң сценарий авторы, «Түлкишек» балалар журналының шөлкемлестириўшиси болған жазыўшы қарақалпақ кино өнеринде де өзиниң белгили орнына ийе.
Студентлер менен сораў-жуўап форматында өткерилген ушырасыўда Муратбай Нызанов ҳәзирги ўақыттағы өзиниң дөретиўшилик жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди.
– Алдын кинорежиссёр Қудрат Атажанов пенен биргеликте Әжинияз шайыр өмиринен сөз ететуғын «Зийўар» көркем фильмин сүўретке алған едик. Бирақ, еле бул фильм үлкен экранларға шығарылмады. Быйыл сол фильм Кинематография агентлиги басшыларында үлкен қызығыўшылық оятып, еле де кең масштабда сүўретке алыў бойынша келисип алдық. Кейин усы фильм сценарийсин кеңейтип, өзгерислер киргизип, кинорежиссёрға тапсырдым. Сондай-ақ, халықлар дослығы темасына арналған «Көпир» көркем фильми ушын сценарий жазып, оны да тапсырдым. Несип етсе алдымыздағы жылы усы фильмлердиң сүўретке алыў процесслери болып өтеди, – дейди Муратбай Нызанов. – Сондай-ақ, көплеген авторлар жәмәәти менен биргеликте қарақалпақ халқының тарийхында өткен белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, уллы тулғалар өмиринен сөз ететуғын «Үлкемиздиң әжайып адамлары» атамасындағы еки томлық китапты баспадан шығардық. Бул китаплар халқымыз арасында үлкен қызығыўшылық оятпақта. Ҳәзирги ўақытта китаптың үшинши томы ушын материалларды топлап атырмыз.
Ушырасыўда жазыўшы өзиниң дөретиўшилик жумыслары, устазлары, қарақалпақ әдебияты ҳаққындағы ой-пикирлери, алдағы мақсетлери ҳаққындағы пикирлери менен бөлисти.
Жаслар жазыўшының юмор-сатиралық шығармалары, «Еки дүньяның әўереси» сахналық шығармасы, телевидение арқалы эфирге берилген «Мәўрит» көрсетиўи, жазыўшының басшылығында сүўретке алынған кинофильмлер ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.