Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде быйылғы жылдың өткен дәўиринде исленген жумысларға бағышланған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг болып өтти.
Атап өтилгениндей, «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында кәсиплик аўқамлары тәрепинен айтарлықтай жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, пенсия жасындағы 542 пуқараға 130 миллион 508 мың сумлық бир мәртелик, юбилей сәнелери мүнәсибети менен 509 хызметкерге 128 миллион 777,1 мың сумлық, 1107 жумыс ислемейтуғын пенсионерге 202 миллион 23,5 мың сумлық, мийнети жәмәәтлериниң 597 майыплығы болған бурынғы хызметкерине 105 миллион 779 мың сумлық, бала тәрбиясында дем алыста отырған 265 анаға 88 миллион 524 мың сумлық, кем тәмийинленген 2282 шаңарақ ўәкиллерине 800 миллион 390,6 мың сумлық, 110 кем тәмийинленген студентке шәртнама пулының бир бөлегин төлеп бериў ушын 475 миллион 536 мың сумлық материаллық жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, 30 шаңараққа 112 миллион 937 мың сумлық процентсиз ссуда, 37 хызметкердиң мобилизациялық шағырыў резервине шақырылыўы мүнәсибети менен 97 миллион 910 мың сумлық процентсиз ссуда берилди.
Быйылғы жылы 2878 хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары санаторийларда бийпул саламатлығын тикледи.
«Жаңа Өзбекстан-жаңа кәсиплик аўқамлары» идеясы астында 736 басланғыш шөлкемде илажлар шөлкемлестирилип, оларда 45 мың 920 хызметкердиң қатнасы тәмийинленди. Соннан 38 спорт жарысы өткерилип, кәсиплик аўқамларының 472 ағзасынан хабар алынды.
«Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасын әмелге асырыў бағдарында дыққатқа ылайық орынларға 13 мың 167, тарийхый қалаларға 3 мың 520, жәми 16 мың 687 хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саяхаты шөлкемлестирилип, 10 мың 285 ислеўши хызметкер театр ҳәм музейлерге алып барылды.
Быйылғы жылғы жазғы мәўсимде Қарақалпақстан Республикасындағы стационарлық дем алыў орайларында 7 мың 485 бала дем алды. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының «Биз бир елмиз, бир халықпыз, Жаңа Өзбекстанның қурыўшыларымыз!» социаллық жойбары шеңберинде республикамыздан 2 мың 426 бала жазғы дем алыс күнлеринде ўәлаятлардағы ең пайызлы 22 стационар түрдеги дем алыў орайында дем алып қайтты.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 591 мүрәжат тийкарында жумыс бериўшилерге усыныснамалар ҳәм судларга даўа арза бериўде әмелий жәрдем көрсетилип, нәтийжеде 226 шахстың ҳуқықы тикленди ҳәм олардың пайдасына 420 миллион 211,2 мың сум өндирилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылы 31-марттағы «Ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде олардың машқалалары «Мәҳәлле кесиминде» үйренилди. Республикамыздағы 424 пуқаралар жыйынындағы 30 жастан жоқары болған 33 мың 813 ҳаял-қыз 6 тайпа бойынша «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилди.
Брифинг жуўмағында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги