Кембриж университетиниң илимпазлары тарийхта биринши болып адамға лабораторияда жетистирилген эротроцитлерди қуйды. Бул технологияны клиникалық сынақтан өткериў Restore изертлеў жойбары шеңберинде әмелге асырылады, делинеди усы билимлендириў орны жәриялаған мақалады.
Изертлеўшилердиң пикиринше, олардың ойлап табыўы табыслы сынақтан өтсе, кеселликти ҳәм сийрек ушырасатуғын қан топарына ийе наўқасларды емлеўде революция жасаўы мүмкин.
Эротрицитлер Уллы Британия Миллий денсаўлықты сақлаў хызметиниң донорлар базасына киргизилген адамлардың қан үлгилеринен өндирилди. Жасалма эротрицитлердиң бәри әдеттеги эротрицитлерден айырмашылығы бойынша жас. Кеўиллилер 5-10 миллилитр, яғный 1-2 чай қасық суйықлық алған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги