Самарқанд қаласында ТМШ биринши Саммити мүнәсибети менен шөлкемлестирилген баспасөз орайына Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов барды.
Ол ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, журналистлер менен сәўбетлести.
Сондай-ақ, Бас министр ертең болып өтетуғын Саммит процесин кең түрде ҳәм ашық-айдын сәўлелендириўде ҒХҚ ўәкиллерине табыслар тиледи.
ӨзА