Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Ж.А.Ходжаевтың баспасөз әнжуманында шығып сөйлеген сөзи

Бүгин биз Түркий мәмлекетлер шөлкеми экономика ҳәм саўда министрлериниң 11-мәжилисин кәсиплеслеримиз бенен Самарқанд қаласында жүдә нәтийжели ҳәм мазмунлы өткердик. Көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдың барлық бағдарларын додаладық және экономикалық бирге ислесиўди жеделлестириў жолындағы кейинги қәдемлерди белгилеп алдық.

Саўда, инвестициялар, транспорт ҳәм көп тәреплеме байланыслар бойынша басламаларды әмелге асырыў арқалы барлық ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң экономикалық раўажланыўын жеделлестириўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлеримизди даўам еттириў жолында пикир алыстық.

Атап айтқанда, саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў мақсетинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми Инвестиция қорын дүзиў бойынша Келисимге қол қойылыўын келисип алдық.

Инвестиция қорын дүзиў көп тәреплеме қатнасықларымызды раўажландырыўда жаңа тийкар жарататуғынына исенемен.

Сондай-ақ, «Саўдаға жәрдемлесиў стратегиясы» на Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити шеңберинде қол қойылыўы Шөлкем мәмлекетлеринде саўдадағы муғдарлық шеклеўлер және тариф емес илажларды сапалстырыўға жәрдемлеседи.

Саўда-экономикалық қатнасықлардың турақлылығын тәмийинлеў бәримиздиң әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болып табылады. Бул бағдарда транспорт коридорлары, бажыхана-шегара өткериў пунктлери ҳәм логистика орайларының үзликсиз жумысын тәмийинлеўде ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң бирлесиўи ҳәм әмелдеги шараятларды буннан былай да раўажландырыў бойынша анық илажлардың ислеп шығылыўы бойынша келисимлерге ерисилди.

21-әсир инновациялар ҳәм технологиялар әсири!

Бүгинги мәжилисимиз даўамында экономика тармақлары, социаллық тараў ҳәм аймақларда экономика ҳәм электрон ҳүкимет ҳалатын баҳалаўды енгизиўимиз және анық илажларды әмелге асырыў бойынша пикирлес болдық ҳәм бул бағдарда ҳәрекетлеримизди үйлестириўде тийкарғы нормалар ҳәм қәдемлерди белгилеп алдық.

Кәсиплеслерим менен сәўбетимиздиң бир бөлеги Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде 2022-2026-жылларға мөлшерленген Стратегиясын додалаўға қараттық. Сиясий, саўда-экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм қәўипсизлик тараўларын раўажландырыўды қамтып алған бул ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша анық илажларды келисип алдық.

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүрметли Шавкат Миромонович Мирзиёев тәрепинен айрықша қоллап-қуўатланған ҳәм алға қойылып атырған басламаларымызды және бир мәрте атап өтпекшимен.

Мәмлекетимиз Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң турақлы ҳәм исенимли шериги болып қалады және өз-ара пайдалы қоспа жойбарлар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлаўға, ең әҳмийетлиси, турмысқа енгизиўге бәрқулла таяр.

ӨзА