Олий Мажлис Сенатына Уллы Британия, Германия, АҚШ ҳәм Францияның ЕҚБШдағы дипломатиялық миссиялары басшыларынан ибарат делегация келди.
Ушырасыўда Сенат баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары, гендер теңлик және ҒХҚ еркинлигин тәмийинлеў тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм демократиялық процесслер ҳаққында мағлыўмат берди. Өзбекстанның ЕҚБШ менен бирге ислесиўи, шөлкем жойбарларын елимизде әмелге асырыў бағдарында исленип атырған жумысларға тоқтап өтти.
Олий Мажлистиң ЕҚБШ Парламентлик ассамблеясы менен өз-ара бирге ислесиўи сезилерли дәрежеде жеделлести. Қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.
ЕҚБШ менен экономикалық ҳәм экологиялық тараўдағы бирге ислесиў бағдарында пайдаланылмаған үлкен имканият бар екени, бул бойынша жаңа жойбарларды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў даўамында мийманларға ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда әмелге асырылып атырған конституциялық реформалардың барысы, онда «Жәмийет-реформалар интакери» идеясы тийкарында кең жәмийетшиликтиң пикир-усыныслары инабатқа алынып атырғаны ҳаққында сөз болды.
Келеси жылы тарийхта биринши мәрте Өзбекстанда өткерилетуғын ЕҚБШ Парламентлик ассамблеясының гүзги сессиясын нәтийжели өткериў бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў соңында келешектеги режелер ҳәм жойбарларды турмысқа енгизиўде бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге келисип алынды.
ӨзА