Венгрия Түркий мәмлекетлер шөлкеминде бақлаўшы статусына ийе. Самарқанд саммитинде Бас министр Виктор Орбан басшылығындағы делегация да қатнаспақта.
Ҳәзирги ўақытта саммит шеңберинде өткерилип атырған Өзбекстан – Венгрия бизнес форумы өзиниң жумысын баслады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Хўджаев мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығы ҳаққында сөз етпекте.
ӨзА