Президент Шавкат Мирзиёев бүгин Самарқандқа келди.

10-11-ноябрь күнлери бул жерде және бир абырайлы халықаралық әнжуман – Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммити болып өтеди.

Илаж алдынан, дәстүрий түрде, Имам Бухарий мақбарасы зыярат етилди. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Шавкат Мирзиёев Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың қәбирин де зыяратлады.

ӨзА