Самарқандта болып өткен II Өзбекстан экономикалық форумында қатнасқан Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша вице-президенти Анна Бьерде Өзбекстанда экономикалық реформалар ҳәм олардың нәтийжелилиги ҳаққында төмендеги пикирлерди билдирди.
– Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азия регионындағы 23 мәмлекет ишинде ең тез өсип атырған мәмлекет болып есапланады, – дейди Анна Бьерде. – Реформалар дурыс әмелге асырылмақта. 2026-жылы орта дәраматлы мәмлекетлер қатарына кириўиңиз ушын жәрдем бериўге таярмыз. Өзбекстан базар экономикасына тийкарланған реформаларды әмелге асырып атыр. 2016-жылдан баслап қаржы системасында үлкен либералласыўды көрдик.
Таллаўларға бола, Өзбекстанның быйылғы нәтийжелери күшли өсиў пәтинде. Өсиўди тәмийинлейтуғын айырым факторларды инабатқа алсақ, санлар келеси жылы және де жоқары болыўы мүмкин. Оның тийкары сыпатында Өзбекстандағы кейинги жыллары бақланып атырған әҳмийетли өзгерислер, базар экономикасындағы кең көлемли реформаларды айтыў мүмкин. Мысалы ушын, аўыл хожалығы тармағы мәмлекет экономикасы ушын оғада әҳмийетли. Онда әмелге асырылып атырған реформалар өзин ақламақта. Аграр тараўдағы либерализация, өндиристиң артқаны, баҳада да өнимдарлықта да өсиў бақланып атырғаны экспорт көлемин арттырып, тармақты Өзбекстан экономикасының әҳмийетли бағдарына айландырмақта.
Мәмлекет басшысы өз пуқараларының реформалар нәтийжесин сезиўинен мәпдар. Жәҳән банки бул басламаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда еки бағдарға итибар қаратпақта. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм улыўма абаданлықты арттырыў. Адамлар жақсы дәраматлы жумыс орнына ийе болса, олардың турмыс шараяты да жақсыланады.
Және бир нәрсени айтып өтиў керек, Өзбекстанда гендер теңлиги бойынша да жумыс алып барып атырмыз. Өзбекстанда оғада қәбилетли ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар көп. Олар жәмийеттиң әҳмийетли жумысшы күшине айланыўы, жеке исбилермен сыпатында көбирек инвестиция алып кириўге умтылып атырғанын айтыў мүмкин.
Мийнет базарында да ҳаял-қызлар ер адамлар менен теңдей мийнет ҳақы алыўды тәмийинлеўге қаратылған реформалар бизди қуўандырып атыр. Биз бул бағдардағы реформаларды қоллап-қуўатлаймыз. Еле исленетуғын жумыслар көп. Соның ишинде, жеке меншик секторда бизнес орталығын және де жақсылаў, раўажландырыў зәрүр. Мәмлекет қарамағындағы кәрханалар, банклерди меншиклестириў және бир әҳмийетли ўазыйпалардан.
Усы күнге шекем киши кәрханалар меншиклестирилди. Бирақ, енди үлкен-үлкен қуўатлықларды да меншиклестириў ўақыты келди, деп ойлайман. Бизди қуўандырып атырғаны мәмлекеттеги реформалардың орынланыўына қатаң кирисилгени. Усындай тийкарғы мәселелер бизиң бағдарламамыздан да орын алған.
ӨзА