Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласындағы мебель ислеп шығарыў кәрханасының жумыслары менен танысты.

Нөкис қаласында жаңадан шөлкемлестирилген бул кәрханада мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириў тараўы ҳәм жоқары оқыў орынлары ушын зәрүр болған мебельлер ҳәм спорт инвентарларын ислеп шығарыў жолға қойылған.

Ташкент қаласында тәжирийбе арттырып қайтқан қәнигелер тәрепинен бул жерде сапалы өнимлер ислеп шығарылмақта. Бул болса, республикамыз аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин, улыўма билим бериў мектеплерин,  жоқары оқыў орынларын өзимизде ислеп шығарылған сапалы инвентарьлар менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.