7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Миллий Кенгаши Халық Мәсләҳәти Басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа өзиниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы 20-21-октябрь күнлери Түркменстанға әмелге асырылған рәсмий сапары даўамындағы жоқары дәрежели ушырасыў ҳәм илажлардың пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған шәртнамаларды, соның ишинде, жедел парламентлераралық сөйлесиўлер ҳәм алмасыўларды даўам еттириў арқалы әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы ҳәптениң ақырында Самарқандта өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң күн тәртибиндеги мәселелер де көрип шығылды.

ӨзА