Японияның Халықаралық раўажланыў орайы Социаллық раўажланыў бөлиминиң аға илимий хызметкери Казуаки Хашимото пайтахтымыздағы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебине барып, мектепте айрықша билим бериўге мүтәжлиги болған балалар ушын шөлкемлестирилген баслаўыш таяныш коррекциялық класслардың жумысын үйренди.

Президентимиздиң «Айрықша билим бериўге мүтәжлиги болған балаларға билим ҳәм тәрбия бериў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарынан кейин бул бағдарда басқа да көплеген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер шығарылып, бүгинги күнде республикамыздың 11 районында инклюзив билимлендириў жолға қойылды. Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болса, 2 баслаўыш таяныш коррекциялық класс шөлкемлестирилген болып, оларда  19 оқыўшы билим ҳәм тәрбия алмақта. Оқыўшылардың жәмийетке ийкемлесип кетиўи ушын муғаллимлер, ата-аналар менен бирге студент-жаслар да өз үлесин қоспақта.

– Мектебиңиздеги коррекциялық классларды көрип, оқыўшылардың билим алыўына тек муғаллим емес, ал, жәрдемшилердиң қол-қанат болып атырғанына таң қалдым ҳәм елиңизде арнаўлы билимлендириў раўажланып атырған екен, деген пикирге келдим, -дейди Казуаки Хашимото. -Ҳақыйқатында да, арнаўлы ҳәм инклюзив билимлендириўди раўажландырыўда тек ғана муғаллимлер емес, ал, пүткил мектеп жәмәәти менен бирге жәмийетшилик те биргеликте ҳәрекет етиўи керек. Сондай-ақ, усы мектептеги саламат балалардың ата-аналарын усы шараятқа көнлигиўге, бул процессти дурыс қабыллаўға бағдарлай алыў керек. Биз бул балаларды барынша қабыл етип, билим бериўде өзлигинше қатнас жасайтуғын болсақ, жумысларды және де жеделлестириўге имкан жаратылады.

– Мен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мектепке шекемги билимлендириў факультетиниң арнаўлы педагогика, логопедия қәнигелигинде оқыйман, -дейди Бийбиназ Асенова. – Усы мектеп пенен институтымыз арасында дүзилген шәртнамаға муўапық, өткен жылы да, быйыл да әмелият даўамында келип, баслаўыш таяныш коррекциялық класс оқыўшыларына билим бериўде муғаллимлерге жәрдем бермектемен.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.