Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги  тәрепинен жас илимпазларды жетекши сырт еллерде илимий шөлкемлерге стажировкаға жибериў бойынша таңлаў шөлкемлестирилген еди.

Бүгинги күни усы таңлаўда жеңимпаз болған жас илимпазлар Японияның Тоттори университетинде илимий стажировкасын өтемекте. Олар арасында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы директорының орынбасары К.Идирисов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен М.Өтеўлиев ҳәм Ш.Шаниязовлар бар.

Бул илимий стажировка илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларни қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен қаржыландырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.