Бүгинги күнде елимизде халқымыздың саламатлығын сақлаў, ең шетки аймақлардағы медициналық мәкемелерди де заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-февралдағы «Фармацевтика тараўын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары, буннан басқа тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилген көплеген нызамлар ҳәм оның орынланыўы халықтың медицина тараўына болған талабы жолында хызмет етпекте.

Бирақ соған қарамастан мәмлекет тәрепинен белгиленген фармацевтикалық өнимлердиң ҳәр қыйлы баҳаларда екенлиги бир қатар наразылылықларды келтирип шығармақта.

-Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясына пуқаралардан 2017-жыл даўамында 967 мүрәжат келип түскен болса, солардың 15 и медицина тараўына байланыслы мүрәжат болып есапланады,-дейди Федерацияның Мәлимлеме ҳәм хабар секторының баслығы Д.Дәўлетбаева.

Мәселен, Нөкис қаласы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине қаланың Қызкеткен елатында жасаўшы пуқара Д.Әжимуратовтан «Азиза» дәриханасында медициналық буйымлар (вата, шприц ҳ.б) қымбат екенлиги бойынша мүрәжат келип түседи.

Арза жәмийет қәнигелери тәрепинен тийисли тәртипте үйренип шығылып, ҳақыйқатында да оларға үстеме баҳа қойылып сатылып атырғанлығы анықланды. Тутыныўшының 8 мың сумы қайтарып берилди.

Сондай-ақ, Нөкис қаласы «Қаттыағар» МПЖда жасаўшы С.Сағидуллаев «Орайлық базар»да жайласқан «Мерўерт фарм» дәриханасынан 33 мың 800 сумға «Kopera» мазын сатып алғанлығын, бирақ ол пайдаланыўға жарамсыз болып шыққанлығы бойынша айтып наразылығын билдиреди.

Мүрәжат жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренип шығылып, тутыныўшының маз ушын жумсаған пулы қайтарып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.