Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Майыплығы болған шахслардың турмыс сапасы ҳәм социаллық белсендилигин және де арттырыў, майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелерине қараслы юридикалық тәреплерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў бойынша системалы жумысларды избе-из даўам еттириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-апрельдеги ПҚ-208-санлы қарарының 2-бәнтинде бюджет буйыртпашылары ушын нәзерде тутылған шеклеўлер Электрон кооперациясы порталында дизимнен өткен, хызметкерлери улыўма санының кеминде 50 проценти майыплығы болған шахслардан ибарат ҳәм майыплығы болған шахслардың мийнетине ҳақы төлеў фондының кеминде 50 процентин қурайтуғын, бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер (кейинги орынларда – бирден бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер) тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлерди сатып алыўға қолланылмайтуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлердиң көргизбе ярмаркасын турақлы түрде өткериў графиклерин тастыйықласын.

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте аймақларда көргизбе ярмаркасын өткериў ушын зәрүр павильонларды анықласын ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин. Онда:

аймақларда көргизбе ярмаркасын өткериў ушын зәрүр павильонлар бийпул тәризде ажыратылады;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы көргизбе ярмаркаларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын жуўапкер болып есапланады.

  1. Мәмлекет буйыртпашыларына өзиниң мүтәжлигинен келип шығып, көргизбе ярмаркалары даўамында бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер менен олар тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлерди үш жылға шекемги мүддет даўамында кепилленген сатып алыўды нәзерде тутыўшы шәртнамалар дүзиў ҳуқықы берилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң өндиристи локализациялаў ҳәм санаатта кооперациялық байланысларды кеңейтиў мәселелери бойынша жәрдемшилери өз аймағында жумыс алып барып атырған, бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көлеми ҳәм техникалық параметрлери ҳаққындағы мәлимлемелерди 2022-жыл 15-ноябрьге шекем Электрон кооперациялық порталына жайластырсын ҳәм турақлы түрде жаңалап барсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери турақлы түрде өз аймағында исбилерменлик субъектлери ушын өткерилетуғын көргизбе ярмаркасы шеңберинде бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплердиң өз өнимлери менен қатнасыўын тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери усы бәнтте белгиленген ўазыйпалар өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўы және бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплердиң жумысына жәрдемлесиў ҳәм майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын, сондай-ақ, әмелге асырылған жумыслар бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Министрлер Кабинетине мағлыўмат киргизип барсын.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги сондай-ақ, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

а) 2023-жыл 1-январьға шекем бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер және олар тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлердиң бирден-бир реестри (кейинги орынларда – Реестр) жүргизилиўин шөлкемлестириў;

Онда, Реестр Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жүргизиледи, сондай-ақ, Мәмлекетлик салық комитети, Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен өз-ара электрон мағлыўматлар алмасыўы тийкарында қәлиплестириледи ҳәм жаңалап барылады;

б) исбилерменлик субъектлери тәрепинен жумыс орынлары менен шараятларды майыплығы болған шахсларға бейимлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыўда майыплығы болған шахслар бәнт болған жумыс орынларының мийнет шараятлары бойынша мәмлекетлик экспертизасының жуўмағын талап етиў тәртибин бийкарлаў.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги және олардың қурамына кириўши шөлкемлер өз талапларынан келип шығып реже-кестелериндеги сатып алыў предмети көлеминиң кеминде 10 процент муғдарында жайласқан аймағы бойынша тийислисинше Реестрге киргизилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылатуғын товарларды шәртнама тийкарында сатып алатуғыны белгиленсин.

Онда, барлық мәмлекетлик буйыртпашылар бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплерден сатып алынған товарлар ҳаққындағы мағлыўматларды өзиниң ямаса жоқары турыўшы шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтында турақлы түрде жайластырып барады.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Санлы трансформация орайы бир ай мүддетте Электрон кооперациялық порталда дизимнен өткен, бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплер ҳәм олар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер ҳаққындағы мағлыўматларды сәўлелендириўши бөлимди иске қоссын.
  2. Өзбекстан майыплар ассоциациясы, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан майыплар жәмийети сондай-ақ, Өзбекстан гереңлер жәмийетиниң 2022-жыл даўамында тәжирийбе тәризинде Нөкис ҳәм Ташкент қалаларында және 2023-жылдан баслап қалған аймақларда майыплығы болған шахслардың бәнтлигине жәрдемлесиў, оларды кәсип-өнерге оқытыў, мәденият, көркем өнер, спортқа байланыслы қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Имканиятлар орайы»ның жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы басламасы қоллап-қуўатлансын.

«Имканиятлар орайы»:

майыплығы болған шахслар ҳәм жумыс бериўшилер арасында сөйлесиў өткериў және майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў майданы сыпатында жумыс алып баратуғыны;

майыплығы болған шахслар менен дәслепки сөйлесиўлер өткерип, олардың қызығыўшылығынан келип шыққан ҳалда кәсип-өнерге оқытыўға жәрдемлесетуғыны белгиленсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) «Имканиятлар орайы»ның жумысын шөлкемлестириў ушын Нөкис районындағы Кердер санаат транспорт кәсип-өнер колледжи ҳәм Ташкент қаласының Учтепа районындағы «Жумысқа мәрҳәмат» моноорайынан зәрүр ханалар ажыратсын.

  1. Өзбекстан майыплар ассоциациясы, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Өзбекстан майыплар жәмийети ҳәм Өзбекстан гереңлер жәмийетиниң талапнамаларына тийкарланып Транспорт министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бирден-бир қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жайласыўынан келип шығып, ҳәзирги жәмийетлик транспорт жөнелислерине өзгерислер киргизиў ямаса жаңаларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте турақлы түрде қатнасыўшысы майыплығы болған шахслардың жәмийетлик бирлеспелери болып есапланған юридикалық тәреплердиң жумысы және олар тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлер, сондай-ақ, усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында және Интернет тармағында кеңнен жарытылып барылыўын тәмийинлесин.
  3. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 12-октябрь