«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-385-санлы, 03.10.2022-ж.) қабыл етилди.

Қарар менен 2021-жыл 12-ноябрьде Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы қатнасыўшы-мәмлекетлериниң Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қол қойылған ҒМДА қатнасыўшы-мәмлекетлердиң мәлимлеме-телекоммуникация тармақларында авторлық ҳәм соған түрлес ҳуқық объектлерине болған ҳуқықларды қорғаў бойынша бирге ислесиўи ҳаққындағы Келисим тастыйықланды.

Әдиллик министрлиги ҳәм Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги