Нызамға бола, электрон коммерцияда шәртнама тарифлери арасында шәртнама шәртлерин электрон ҳүжжетлер ҳәм (ямаса) хабарларды тастыйықлаў жолы менен келисиў арқалы электрон ҳүжжет тәризинде рәсмийлестириледи.

Электрон коммерциядағы электрон ҳүжжетлер қағазға рәсмийлестириледи ҳәм өз қолы менен қол қойылған ҳүжжетлерге теңлестириледи.

Электрон коммерцияда сатыўшылар төмендегилерден ибарат:

Электрон саўда майданшасында товарларды усақлап ҳәм ямаса көтере сатыў бойынша жумысты әмелге асыратуғын юридикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер;

Электрон саўда майданшасында товарларды усақлап сатыў бойынша жумысты әмелге асыратуғын өзин-өзи бәнт еткен адамлар.

Саўда майданшаларының операторлары, төлеў хызметлерин жеткерип беретуғын ҳәм товарларды жеткерип бериў хызметлерин көрсететуғын юридикалық тәреплер өзиниң мәлимлеме системаларына ямаса банк есапбетлерине «эскроу» хызметин енгизиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги