Хабарыңыз бар,  Президенттиң усы жылы 27-сентябрьдеги «Аралбойы бассейнинде суў ресурсларын климаттың өзгериўине сәйкес ҳалда басқарыў» жойбарын Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-381-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, жойбар Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында әмелге асырылады.

Суў хожалығы министрлиги – жойбарды әмелге асырыў, қарыз ҳәм грант қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, барлық мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым есапланады. Жойбарды басқарыў ҳәм муўапықластырыў функциялары Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығында сырт ел инвестиция жойбарларын әмелге асырыў орайына жүкленеди.

Азия раўажланыў банкиниң қарызын сөндириў, сондай-ақ, процент, қарыз бойынша комиссия ҳәм басқа да төлемлерге байланыслы қәрежетлер Өзбекстанның Республикалық бюджети есабынан әмелге асырылады.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

– «Аралбойы бассейнинде суў ресурсларын климаттың өзгериўине сәйкес ҳалда басқарыў» жойбарының тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлери, сондай-ақ, «Жондор» ҳәм «Боботоғ» субжойбары бойынша;

– «Аралбойы» бассейнинде суў ресурсларын климаттың өзгериўине сәйкес ҳалда басқарыў» жойбары ушын Азия раўажланыў банкинен тартылатуғын қарыз бойынша тийкарғы қарызды қайтарыў ҳәм процентлер төлеўдиң прогноз кестеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги