Өзбекстан Республикасы ҳәм Азия раўажланыў банки арасында 2022-жыл 24-июньде 25 жыл мүддетке, соның ишинде 5 жыллық жеңилликли дәўир менен 150 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Жойбардың улыўма баҳасы 194,9 миллион АҚШ долларын қурайды, соның ишинде, Өзбекстанның үлеси 40,2 миллион АҚШ доллары эквивалентинде, соннан 26,6 миллион АҚШ доллары республикалық бюджет есабынан қосымша қун салығын қаплап бериў ҳәм бажыхана бажысынан азат етиў тәризинде болады.

Азия раўажланыў қорынан 3 миллион АҚШ доллары, Азия раўжланыў банкиниң Жоқары технологиялар қорынан 0,3 миллион АҚШ доллары ажыратылады, фермер хожалықларының үлеси 1,38 миллион АҚШ долларын қурайды.

Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде (7 жыл – 2022-2029-жыллар) «ўақытша алып кириў» бажыхана режимине рәсмийлестирилген арнаўлы техникалар, механизмлер ҳәм технологиялық үскенелер бажыхана бажылары ҳәм салық төлемлеринен шәртли азат етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги