Қарақалпақ әдебиятын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм изертлеўде көплеген әдебиятшы илимпазлар пидайылық пенен мийнет етти.

Усындай алымлардың бири сыпатында Әбдикерим Пирназаров болып табылады. 1940-жылы Шымбай районында туўылып камалға келген ол аўыллық мектепти тамамлағаннан соң, ҳәзирги Өзбекстан миллий университетиниң өзбек филологиясы факультетинде тәлим алады.

Университетти табыслы тамамлап шыққаннан соң ол өзиниң мийнет жолын Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ әдебияты кафедрасында оқытыўшы болып жумыс ислеўден баслайды.

Ә.Пирназаров студент жасларға әдебияттаныў илим бойынша сабақ бериў менен бирге, қарақалпақ әдебияты бойынша бир қатар илимий изертлеўлер алып барды.Әсиресе, ол өзиниң қысқа өмири даўамында әдебий сыншы кең жәмийетшиликтиң нәзерине илинди.

Атап айтқанда, Әбдикерим Пирназаровтың «Поэзия ҳаққында» монографиясы Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының сессиясында додаланып, профессор Қ.Айымбетов, халық шайыр Т.Жумамуратов, И.Юсупов, Д.Айтмуратов, М.Сейтниязов, филология илимлериниң кандидаты Ж.Нарымбетовлар тәрепинен жоқары баҳаланды. Соның ишинде, 1975-жылы «Әмиўдәрья» журналының 5-санында жарық көрген «Поэзия гөззалық», «Әжинияздың сөз усталығы ҳаққында гейпара ойлар», «Кеўлимизге жақын шайыра», «Бул дүньяның көрки адам баласы», «Сөз саплаў сыры» журнал оқыўшыларының билимин байытыўда ҳәм оларға ой салыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Әбдикерим Пирназаровтың «Әжинияздың шайырлық шеберлиги» атлы диссертациялық жумысы өзиниң оригиналлығы менен қарақалпақ әдебияттаныў илимин және де байытты. Ол 1978-жылы енди ғана 38 жасқа шығып, нағыз илимпаз дәрежесине жеткен дәўирде мезгилсиз қайтыс болды. Деген менен Ә.Пирназаров ерте көз жумғаны менен оның изинде әдиўли перзентлери ҳәм қарақалпақ әдебияттаныў илими ушын оғада бийбаҳа болған илимий мийнетлери мийрас болып қалды.

Марҳум илимпаздың туўысқан қарындасы Әмийна Жалимованың жеке интасы менен жақында оның «Әжиниязтаныў илими» атлы китабы баспадан шығарылды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы жаңа китапты кең жәмийетшиликке таныстырыў мәресими болып өтти.

Онда филология илимлериниң докторлары, профессорлар Қ.Жәримбетов,З.Бекбергенова, Й.Ибрагимов,  филология илимлериниң докторы, журналистика кафедрасының  доценти Т.Машарипова,  филология илимлериниң кандидаты С.Баўатдиновалар шығып сөйлеп, бул китаптың қарақалпақ әдебияттаныў илиминде тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.

-Ең тийкарғысы, Әбдикерим Пирназаровтың кең китап оқыўшыларының нәзерине усынылып атырған мийнетинде Әжинияздың шайырлың руўхы, оның шығармаларындағы халықлық мазмун, лирикасының миллий колорити, улыўма пафосы, тематикасы, сондай-ақ, шайырымыздың көркем эстетикалық ҳәм этикалық идеаллары бир пүтин мазмунда үйренилген,-дейди белгили әдебиятшы илимпаз З.Бекбергенова.

-Өткен әсирдиң 70-80-жыллары диссертацияларды рус тилинде қорғаў талап етилетуғын еди. Усы тийкарда бул китап рус тилинде «Мастерство Ажинияза» деген атама менен жарық көрген. Ал, қарақалпақша түп нусқада жазылған мийнет көп жыллар даўамында бастырылмай қалып кетти. Себеби, ағам Әбдикерим Пирназаров 1978-жылы өмирден биймезгил көз жумды. Мине ўақты-сааты келип, бул мийнет китап ҳалында басып шығарылды. Мен ағамның қол жазба нусқаларын 40 жыл даўамында көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлап келдим,-дейди илимпаздың туўысқан қарындасы Әмийна Жалимова.

Сондай-ақ, мәресимде илимпаздың туўысқанлары Д.Алланиязов, Ә.Жалимова, перзенти А.Пирназаровлар шығып сөйлеп, кешени шөлкемлестирген университет жәмәәтине, профессор-оқытыўшыларға өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.