Өзбекстанның Россиядағы елшиханасы өзбекстанлыларды және бир рет шет мәмлекетлер аймағында жынайый жуўапкершилик белгиленген әскерий ҳәрекетлерде қатнаспаўын ескертти.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан пуқаралығы ҳаққындағы нызамға муўапық, Өзбекстан пуқарасы болған шахс сырт мәмлекет пуқаралығына тийисли деп тән алынбайды. Өзбекстан президентиниң пәрманы жәрияланған күннен баслап Өзбекстан пуқаралығы бийкар етиледи.

Усы мүнәсибет пенен, дипломатиялық ўәкилхана Жынаят кодексиниң 154-статьясына бола «жалланыў» – сырт мәмлекет аймағындағы қураллы соқлығысыўларда ямаса әскерий ҳәрекетлерде нызамға қайшы түрде қатнасыў жынаят есапланатуғынын, бул ҳәрекетлерге қол урғаны ушын жуўапкершилик он жылға шекем еркинен айырыўды нәзерде тутатуғынын еслетип өткен.

Елшихана Жынаят кодексиниң жоқарыдағы статьясында нәзерде тутылған нызамға қайшы келетуғын ҳәрекетлерге қол урғаны ҳаққында қалыс мағлыўмат бар болған барлық шахслар ҳеш екиленбестен жынайый жуўапкершиликке тартылыўы ҳаққында Өзбекстан пуқараларын ескертти.

Елшихана өзбекстанлыларды шақырықларға ермеў ҳәм сергек болыўға шақырған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги