АР агентлигиниң Тегерандағы секторының хабар бериўинше, иранлылар Instagram толық жабылғанынан шағым етпекте.
Сондай-ақ, глобал интертнеттеги үзилислерди бақлаўшы NetBlocks Лондон бөлими де Ирандағы қозғалаңлар себепли Instagram социаллық тармағына кириў шекленгенин тастыйықлады.
NetBlocks бақлаўларына бола, трафик социаллық тармаққа кириў барлық интернет-провайдерлер тәрепинен блокланғанын көрсетпекте, Ирандағы интернет-жалғаныўлар болса нормаға қарағанда 79 процентке түскен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги