Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың республика пайтахтын Астана, деп қайта атаў ҳаққындағы пәрманы дүйшемби күни «Казахстанская правда» рәсмий газетасында жәрияланғанынан соң күшке кирди.

Қазақстан Республикасының пайтахты Нур-Султан қаласының атын Астана, деп өзгертиў ҳаққындағы пәрманы 19-сентябрь күни қақ ярым түнде жәрияланды. Ол рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Газетада Конституцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам да жәрияланды.

17-сентябрь күни Тоқаев Конституцияға өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызамға қол қойған еди, оған бола, Астананың бурынғы аты Қазақстан пайтахтына қайтарылған еди.

Буннан тысқары, Тийкарғы нызамға киргизилген өзгерислерге бола, мәмлекет басшысының ўәкиллик мүддети қайта сақланыў ҳуқықысыз жети жыллық мүддет пенен шекленди.

1997-жылы биринши Президент Назарбаевтың басламасы менен пайтахт Алмаатадан Ақмола қаласына көшириледи, бир жылдан кейин Астана атына өзгертиледи. 2019-жылдың 23-март күни мәмлекет басшысы Тоқаев пайтахттың атын Нур-Султан, деп атаў пәрманын қабыл етеди.

ӨзА