Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасының экономикалық және социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди.

Усы пәрманның мазмун-мәнисин түсиндириў, әҳмийетин халық арасында үгит-нәсиятлаўда депутатлардың орны гиреўли.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер  залында  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисовтың қатнасыўында қурылыс объектлериндеги жумыслардың  барысы, олардың өз мүддетинде ҳәм сапалы қурылып тапсырылыўы бойынша депутатлық қадағалаў тәртибинде ислеў бойынша мәжилис ѳткерилди.

Онда  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы пәрманның мазмунын ҳәм әҳмийетин  халыққа  жеткериў,  өзлериниң исбилерменлик жумысын баслаўға көмеклесиў бойынша да пикирлер алмасылды.

Ушырасыўда Қоңырат районында Инвестициялық бағдарламаға, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген объектлердиң қурылыс-оңлаў жумысларында ушырасып атырған  кемшиликлер  қатаң  сынға  алынды. Бул қурылыс жумысларын қадағалаў бойынша  депутатларға усыныслар берилди.

Қоңырат районы  «Бостан»  МПЖ да жайласқан Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебиниң тийкарғы базасын реконструкциялаў  жумыслары  13,1 процентке ғана орынланған.  Булардан тысқары Президентимиздиң усы жылдың 23-24-февраль күнлери  Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында бир қатар қурылыс-оңлаў жумысларының алып барылыўы белгиленген болса, соннан  жәми 25 объекттиң  қурылыс жумыслары жуўмақланбағанлығы сынға алынды.

Депутатлар район орайындағы көшелердиң архитектуралық көринисин заманагөйлестириў ҳәм абаданластырыў жумыслары  менен танысты. Ҳәр бир қурылыс объектине өз мүддетинде  қаржы ажыратылыўы,  қурылысшыларға  жаратылған  шараятлар депутатлық қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги