Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшыларының мәжилисине мийман сыпатында мирәт етилген Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов 15-сентябрь күни елимизге келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәрртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Түркменстан жетекшиси ШБШ саммити шеңберинде шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында сиясий, экономикалық, регионаллық қәўипсизликке байланыслы ушырасыўларға қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги