2022-жыл 14-сентябрь күни Ташкент қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Саммитине таярлық көриў шеңберинде Египет Араб Республикасы ҳәм Қатар Мәмлекетине ШБШның қарым-қатнас бойынша бирге ислесиўшиси статусын бериў ҳаққында Меморандумларға қол қойыў мәресими болып өтти.
Ҳүжжетлерге ШБШ Бас хаткери Чжан Минг, Египет Араб Республикасы Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Ҳамди Санад Лоза ҳәм Қатар Мәмлекетлик Сыртқы ислер мәмлекетлик министри Султон бин Саад ал-Мурайхий қол қойды.
Өзбекстан тәрепинен илажға Сыртқы ислер министриниң орынбасары Фурқат Сидиқов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги