Россия президенти Владимир Путин Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза еллердиң мәмлекет басшылары кеңесиниң Самарқандта болып өтетуғын мәжилисинде шығып сөйлейди ҳәм көплеген еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди. Бул ҳаққында президент жәрдемшиси Юрий Ушаков мәлим етти.

«Президентимиз ШБШ мәжилисинде ҳәм тар шеңберде, ҳәм кеңейтилген қурамда шығып сөйлейди. Ол шөлкем алдында турған ўазыйпалар ҳаққында өз көзқарасларын толық билдиреди ҳәм ШБШ жумысын жетилистириў бойынша айырым илажларды усыныс етеди», деди Ушаков журналистлерге.

Оның сөзлери бойынша, саммит шеңберинде Россия Федерациясы Президентиниң көплеген еки тәреплеме ушырасыўлары режелестирилген. Атап айтқанда, ол Қырғызстан президенти Садир Жапаров, Түркменстан президенти Сердар Бердимуҳамедов, Иран президенти Иброҳим Раиси, Пакистан бас министри Шаҳбоз Шариф, Қытай басшысы Си Цзиньпин менен сө      йлеседи.

«Қытай басшысы менен ушырасыўдан кейин президентимиз Си Цзиньпин ҳәм Монголия президенти Ухнаагийн Хурелсух қатнасыўында дәстүрий үш тәреплеме Россия – Китай – Монголия ушырасыўы болып өтеди», деди Ушаков.

«Қадағалаў-өткериў пунктлерин кеңейтиў ҳәм жаңаларын жаратыў, Монголия аймағы арқалы Россиядан Қытайға «Союз Восток» газ қубырын қурыў бойынша қәдемлерди додалаў режелестирилген. Қоршаған-орталықты қорғаў, жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиў, туризм қоспа жойбарларды жолға қойыўдан тәреплер мәпдар», деди ол.

Россия ҳәм Өзбекстан арасында ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларацияға қол қойылады

Россия басшысы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен сөйлесиўлер өткереди.

«Россия ҳәм Өзбекстан арасында ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларацияға қол қойылады. Мирзиёевқа Александр Невский орденин тапсырыў мәресими болып өтеди», дейди Путинниң жәрдемшиси.

Сондай-ақ, Ҳиндстанның бас министри Нарендра Моди, Түркия президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Әзербайжан президенти Илҳом Алиев пенен сөйлесиўлер өткериўди режелестирген.

Си Цзиньпин менен не додаланады?

15-сентябрь күни Путин Қытай басшысы Си Цзиньпин менен Украинадаға жағдайды толық додалаўды режелестирмекте.

«Бул халықаралық жағдайдың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда усы ушырасыўдың өзи айрықша әҳмийетке ийе», деди Ушаков ҳәм Самарқандқа әйне Россия – Қытай байланысына үлкен итибар қарататуғынын қосымша етти.

«Қытай Украина кризисине теңсалмақлы көзқарас, Россияны арнаўлы әскерий операция өткериўге мәжбүр еткен себеплерди түсинетуғынын анық жәриялайды ҳәм бул мәселе, әлбетте, болажақ сөйлесиў ўақтында толық додаланады», дейди Ушаков.

Эрдоған менен ушырасыўдың күн тәртиби

16-сентябрь күни Путин түркиялы кәсиплеси Эрдоған менен «дән келисими»н әмелге асырыў, сондай-ақ, Украина, Сирия ҳәм Кавказдағы жағдайды додалайды.

«Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, бир қатар халықаралық темаларды – июль айында Стамбулда азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыў («дән келисими»), Украина ҳәм Донбасстағы жағдай, сондай-ақ, бирге ислесиўди муўапықластырыў мәселелерин толық көрип шығыўы күтилмекте. Сирия ҳәм Кавказда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлер де усылардың қатарына киреди», деди Ушаков.

Оның қосымша етиўинше, болажақ сөйлесиўлер ўақтында экономикалық мәселелер айрықша орын ийелейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги