Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Иран Республикасы Президенти Иброҳим Раийсий 14-16-сентябрь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўда Өзбекстан-Иран сөйлесиўлери ҳәм сапар шеңбериндеги басқа да илажлар Самарқанд қаласында болып өтеди.

Еки мәмлекет жетекшилери көп қырлы қатнасықларды және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелерин көрип шығады, саўда, кооперация, инновациялар, транспорт, энергетика, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратады.

Ушырасыў жуўмағында бир қатар қоспа ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.

15-16-сентябрь күнлери Президент Иброҳим Раисий ШБШның Самарқанд саммити илажларында қатнасады.

ӨзА