Ташкентте Парламентлераралық аўқамға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял басшыларының 14-саммити болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-сентябрь күни усы саммитте қатнасыў ушын мәмлекетимизде болып турған сырт ел делегацияларының басшыларын қабыллады.

Түркменстан Миллий Кеңеси Мәжилисиниң Баслығы Гулшат Маммедова менен ушырасыўда ол Өзбекстан Президентине Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Миллий Кеңес Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық байланысларына тийкарланған Өзбекстан – Түркменстан қатнасықларының бүгинги жоқары дәрежесин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў, қоспа кооперация жойбарларын ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасын алға қойыўда еки мәмлекет парламентлери әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.

Парламентлераралық аўқам, соның ишинде, Орайлық Азия регионындағы нәтийжели сөйлесиў шеңберинде нәтийжели бирге ислесиўге жоқары баҳа берилди.

                                                                                                     *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Миллий Мажлисиниң Баслығы Соҳиба Гафарованы қабыллады.

Соҳиба Гафарова қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳом Алиевтиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Сөйлесиўде жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыў ҳәм сөйлесиўлерде ерисилген келисимлерге муўапық ҳәр тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып, әмелий шериклик кеңейип атырғаны айрықша атап өтилди.

Әзербайжан Президентиниң усы жылы июнь айындағы Өзбекстанға тарийхый сапарының жемисли нәтийжелери – экономиканың түрли тармақларында кооперация жойбарларын алға қойыў, барлық дәрежелердеги сөйлесиў ҳәм гуманитарлық алмасыўды жеделлестириўге күшли пәт бағышлады.

Өзбекстан жетекшиси көп тәреплеме абырайлы структуралар шеңберинде парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлады.

                                                                                                         *   *  *

Президентимиз Россия Федерациясы Федераллық Мәжилис Федерация Кеңеси Баслығының орынбасары Галина Карелованы қабыллады.

Россия парламенти баслығының орынбасары Өзбекстан жетекшисине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Россия Президенти Владимир Путин ҳәм Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенконың сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында кейинги жылларда жоқары дәрежеге ерисилгенин, көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўге еки мәмлекет парламентлериниң тығыз ҳәм нәтийжели байланыслары жедел үлес қоспақта.

Бундай нәтийжели сөйлесиўлерди, соның ишинде, көп тәреплеме структуралар – Парламентлераралық аўқам ҳәм ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы шеңберинде даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

                                                                                                             *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёв  Парламентлераралық аўқам делегациясы – усы абырайлы структураның баслығы Дуарте Пачеко ҳәм бас хаткери Мартин Чунгонды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның Парламентлераралық аўқам менен нәтийжели бирге ислесиўи жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы күнлерде Ташкент қаласында дүнья мәмлекетлери парламентлери ҳаял басшыларының 14-саммити табыслы өтпекте. Оның күн тәртибинен демократиялық ҳәм социаллық-экономикалық жаңаланыўларды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели институтларын раўажландырыў, гендер сиясатты әмелге асырыўға байланыслы глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер орын алған.

Буннан тысқары, усы абырайлы халықаралық шөлкем менен биргеликте бир қатар әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды, Бухара қаласында Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша парламент форумы ҳәм басқа да илажлар өткерилди.

Парламентлераралық аўқамның жоқары дәрежели ўәкиллери Өзбекстан жетекшисине биргеликтеги басламаларды алға қойыўда көрсетип атырған ҳәр  тәреплеме жәрдем ушын миннетдаршылық билдирип, Жаңа Өзбекстандағы реформалар бағдарламасын толық қоллап-қуўатлады.

Ушырасыўда турақлы раўажланыў, демократиялық қәдириятларды алға қойыў, жасларды қоллап-қуўатлаў тараўларындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиў, аўқамның Инновациялар орайы менен бирге ислесиўи сыяқлы бағдарларда өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

ӨзА