Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзиниң сийрек гезлесетуғын шығармалары ҳәм айрықша ойлап табыўлары менен илим менен мәденияттың раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшыл ҳәм энциклопедист-алым, Биринши Ренессанс дәўириниң жарқын ўәкили Әбиў Райхан Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасын буннан былай да терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, бул бағдарда изертлеўлер алып барып атырған жетекши халықаралық илимий орайлар менен жақыннан бирге ислесиўди орнатыў, сондай-ақ, Әбиў Райхан Берунийдиң туўылғанының 1050 жыллығын халықаралық көлемде кеңнен белгилеў мақсетинде:

  1. Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор), ЮНЕСКО ислери бойынша Миллий комиссия, Республикалық Мәнаўият ҳәм мәрипат орайы, Илимлер академиясы, Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм кең жәмийетшиликтиң 2022-2023-жылларда уллы ойшыл ҳәм энциклопедисталым Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын ЮНЕСКОныңқәўендерлигинде халықаралық көлемде кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

ЮНЕСКО Бас конференциясының қарары менен Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын белгилеў ЮНЕСКОның 2022-2023-жылларда белгиленетуғын халықаралық юбилейлер дизимине киргизилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемстириў комитети (А.Арипов) бир ай мүддетте Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын белгилеў бойынша усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыўды ҳәм төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын жуўапкер атқарыўшылар, қаржыландырыў дәреклери ҳәм муғдарларын анық белгилеген ҳалда тастыйықласын:

республикамыздағы Әбиў Райхан Беруний атына байланыслы естелик ҳәм зыярат етиў орынларын, соның ишинде, Әбиў Райхан Берунийге орнатылған естелик комплекслерин ири оңлаў және олардың аймақларын абаданластырыў, «Уллы Беруний мийрасы» халықаралық туристлик маршрутларын жолға қойыў;

илимпазлар ҳәм қәнигелердиң пикир-усыныслары тийкарында ислеп шығылатуғын концепция тийкарында Қарақалпақстан Республикасының Беруний районында 2023-жылдың ақырына шекем Әбиў Райхан Беруний комплексин қурыў ҳәм оның аймағында илимий-ағартыўшылық, мәдений ҳәм дем алыў және туризм объектлериниң жумысын шөлкемлестириў, бул мәселеде еки ай мүддетте Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен белгиленген тәртипте қабыл етилиўин шөлкемлестириў;

ойшылдың илимий-дөретиўшилик мийрасына тийисли қолжазба ҳәм басқа да мәдений байлықларды реставрациялаў, оларды исенимли қәстерлеп сақлаў ушын зәрүр шараят жаратыў;

Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими ҳәм Хорезм Мамун академиясының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларда мәдений мийрас объектлери, соның ишинде, археология мийрас объектлери, музей экспонатларын реставрациялаў ҳәм консервациялаўға қәнигелескен лаборатория шөлкемлестириў және оларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў;

Әбиў Райхан Берунийдиң мийрасын үйрениў мақсетинде халықаралық көлемде кең көлемли илимий излениўлер алып барыў ҳәм олардың нәтийжелерин жәриялаў, усы темада илимий, көркем-публицистикалық шығармалар дөретиў, сырт елли илимпазлардың шығармаларын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарыў;

жоқары сапалы медиа өнимлер ҳәм аудиовизиуал шығармалар жаратыў, оларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында эфирге берип барыў, Интернет ҳәм социаллық тармақларға жайластырыў, дүнья жүзи көлеминде хештег ҳәм челлендж сыяқлы үгит-нәсиятлаўдың заманагөй технологияларын қолланыў;

Әбиў Райхан Берунийдиң келбети сүўретленген, ойшылдың илимий-дөретиўшилик мийрасына бағышланған почта маркалары ҳәм конвертлер дүркимин жаратыў, календарьлар ҳәм көргизбели мәлимлеме қураллары, естелик тийинлары, гүмис ҳәм алтын юбилей тийинларын айланысқа шығарыў;

улыўма орта билим бериў шөлкемлери, академиялық лицейлер ҳәм кәсип өнер мектеплериниң оқыўшылары арасында Хорезм ўәлаятында тийисли пән бойынша Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық пән олимпиадасын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасының сырт елдеги елшиханалары, Өзбек миллий мәдений орайлары, ўатанласлар жәмийетлеринде Әбиў Райхан Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасы, оның инсаныйлық идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде илимий конференциялар ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў;

илимий топарлар, халықаралық экспертлер ҳәм кең жәмийетшиликтиң пикир-усыныслары тийкарында илажларды әмелге асырыў;

  1. Қор Шөлкемлестириў комитетиниң ишки уйымы етип белгиленсин ҳәм усы қарарда белгиленген ўазыйпалар бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырып барсын.
  2. Сыртқы ислер министрлиги:

Әбиў Райхан Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасын дүнья көлеминде терең үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға үлкен үлес қосқан шахсларды және илимий-дөретиўшилик мәкемелерди сыйлықлаў мақсетинде Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў;

Әбиў Райхан Берунийдиң юбилейине бағышланған илажларды тийисли сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, ЮНЕСКО менен биргеликте шөлкемлестириў;

сырт мәмлекетлердеги Әбиў Райхан Беруний естелик комплекслеринде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў бойынша сөйлесиўлер алып барсын және олардың нәтийжелери бойынша Шөлкемлестириў комитетине  усыныс киргизсин.

  1. Илимлер академиясы, Мәдений мийрас агентлиги, Сыртқы ислер министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте сырт мәмлекетлерде сақланып атырған Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм илимий-дөретиўшилик мийрасы менен ол жасаған дәўирге байланыслы қолжазбалар ҳәм басқа да мәдений байлықларды анықлаў, олардың факсимиле көширмелерин Өзбекстанға алып келиў, изертлеў ҳәм мәмлекетлик электрон каталогы және ЮНЕСКОның санлы китапханасына жайластырыў илажларын көрсин.
  2. Инновациялық раўажланыў министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Әбиў Райхан Берунийдиң турмысы ҳәм мийрасын изертлеў бойынша илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық илимий жойбарлар таңлаўын жәрияласын.
  3. Жаслар ислери агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл декабрьге шекем «Әбиў Райхан Беруний» арнаўлы бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын. Онда, Әбиў Райхан Берунийдиң өмирине байланыслы мағлыўматлар, оның илимий-ағартыўшылық шығармалары жәмленген мобиль қосымша жаратсын ҳәм жаслар арасында кеңнен ғалаба ен жайдырсын.
  4. Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

а) Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Хорезм ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Шөлкемлестириў комитети тәрепинен белгиленетуғын мүддетлерде:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм мийнет жолы, оның жәҳән цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлкен үлесине бағышланған халықаралық илимийәмелий конференциялар және илимий-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестирсин;

Ташкент қаласында Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығына бағышланған халықаралық конференцияны өткерсин;

б) Әбиў Райхан Берунийдиң барлық шығармаларын жыйнаў тийкарында басқышпабасқыш ойшылдың толық шығармалар дүркинин Ағартыўшылық ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қорының қаржылары есабынан өзбек, қарақалпақ, рус, инглис, араб ҳәм парсы тиллеринде басып шығарыў илажларын көрсин.

  1. Мәденият министрлиги 2023-жылы Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм илимий-ағартыўшылық мийнет жолы тийкарында жаңа спектакльлер жаратсын және олардың республика бойлап театрларда көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
  2. Кинематография агентлиги 2022-2023-жылларда Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм илимий дөретиўшилик жумысына бағышланған көркем, мультипикациялық ҳәм толық метражлы ҳүжжетли фильмлер, көп сериялы телесериал жаратыў және оларды сырт мәмлекетлерде де кеңнен көрсетиў илажларын көрсин.
  3. Көркем өнер академиясы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы 2022-2023-жылларда республикамыз бойлап Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм илимий-ағартыўшылық жумысына бағышланған сүўретлеў көркем өнери шығармалары, миниатюралар, халық әмелий көркем өнери үлгилери ҳәм фотосүўретлер көргизбелерин шөлкемлестирсин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Илимлер академиясы, Мәденият министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм басқа да министрликлер, уйымлар және шөлкемлер Әбиў Райхан Берунийдиң өмири ҳәм илимий-ағартыўшылық жумысы ҳәм оның жәҳән цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлкен үлесин халық, әсиресе, жаслар арасында, сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлери ҳәм мийнет топарларында кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған илажларды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  5. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий медиа ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў, ойшылдың илимий-ағартыўшылық мийрасы тийкарында арнаўлы көрсетиў ҳәм еситтириўлер, оқыўағартыўшылық фильмлер жаратыў усыныс етилсин.
  6. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылған қаржылар, шөлкемлестириўшилердиң өз қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
  7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 25-август