Және санаўлы  минутлардан кейин пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сәўбети басланады.

Күни кеше мәмлекетимиз басшысының «Исбилерменлер күни мүнәсибети менен мәмлекетимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы жәрияланған еди.

Оған бола, мәмлекетимизде исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, мәмлекетлик жеке меншик шериклик қатнасықларын кеңнен енгизиў бағдарында жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланып, республикамыздың экономикалық қүдирети ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға үлкен үлес қосып киятырған, өзиниң интакерлиги, билим ҳәм тәжирийбесин айқын көрсетип, тараўға инвестицияларды тартыў, жойбарларды табыслы әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын арттырыў жолында айрықша үлги көрсетип атырған, сондай-ақ, жәмийетте өз-ара жәрдем, сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәтти күшейтиўге қаратылған ийгиликли ислерге белсене қатнасқаны ушын бир топар исбилерменлер орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Халықаралық конгресс орайында Шавкат Мирзиёев бир топар исбилерменлерге мәмлекетлик сыйлықларды тапсырмақта.

ӨзА