Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына бағышланып «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип атырған Мәнаўият фестивалы Шымбай районында даўам етти
Руўхый-ағартыўшылық илажлар «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде болып өтти. Илаж қатнасыўшылары район жасларының жетискенликлери сәўлелендирилген көргизбе менен танысты.
Буннан кейин Өзбекстан халық артисти Мухаммадсоли Юсупов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер Толиб Ходжиев, Абдуҳалил Мингаров, артист Хусан Мусобаев ҳәм басқалалар шығып сөйлеп, елимизде алып барылып атырған кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына тоқтап өтти. Әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында, шетки аўылларында айтарлықтай өзгерислер жүз бермекте. Булардың барлығы елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық, халықлар арасындағы дослықтың арқасы екенлиги айрықша атап өтилди. Усы жерде туўысқан халықлардың қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылды.
Буннан кейин мийманлар ҳәм республикамыздан келген көркем өнер шеберлери «Гүлистан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы, «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 40-санлы, «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.
Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде кинодөретиўшилер менен ушырасыў болып өтти. Илаж қатнасыўшыларына «Мухаббат бәҳәри» фильми қойып берилди.
Усы күни район ҳәкимлиги жанындағы Жаслар майданшасында гала концерт болып өтти. Оның ашылыў салтанатында район ҳәкими Айбек Тажетдинов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Бабур Бабамурад шығып сойлеп, мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған фестивальдың әҳмийетине тоқтап өтти.
Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер шеберлериниң гала концерти қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери