Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан  Республикасы  Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамының 14 ҳәм 40-статьяларына муўапық, босаған орынларға республикамызда ҳәрекет етип  турған сиясий партиялардан усынылған ҳүжжетлер көрип шығылып,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабанлар дизимге алынған еди.

Шымбай  районындағы Дослық мәкан пуқаралар жыйынындағы 36-санлы  улыўма билим бериў мектебинде 56-санлы «Бердақ» сайлаў округине усынылған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  депутатлығына  талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўға республикамызда ҳәрекет етип турған сиясий партиялардан  усынылған  талабанлар,  МПЖ басшылары ҳәм белсендилери,  тийисли тараў ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда  аймақ турғынлары  талабанлардың мийнет жолы ҳәм сайлаўалды бағдарламасы менен жақыннан танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўлары орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги