Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов 14-июль күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Қызғын ушырасыўдан соң дос мәмлекет делегациясы «Жаңа Өзбекстан» паркине барып, ол жерде Түркменстан Президенти Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Сердар Бердимуҳамедов комплекстиң архитектуралық шешимлери және композициясының мазмун-мәниси ҳәм өзгешеликлери менен толық танысты.

Өзбекстанға келип атырған жоқары мәртебели мийманлардың бул саўлатлы комплекс пенен танысыўы дәстүрге айланғанын атап өтиў керек.

Өзбекстан терең, улыўма тарийхый тамырлар ҳәм бир дин, тил, мәденият, миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлердиң уқсаслығына тийкарланған қатнасық пенен басланған Түркменстан менен бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша әҳмийет қаратпақта.

Әсирлер даўамында тыныш, өз-ара келисип, бирин-бири қоллап-қуўатлап жасап киятырған еки туўысқан халық арасындағы қатнасық кейинги жыллары және де беккемленди. Бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы шериклик терең, көп әсирлик, тығыз дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм жақын қоңсышылық принципи тийкарында табыслы раўажланып атырғанын исеним менен айтыў мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Көксарай резиденциясында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовты күтип алды.

Жоқары мәртебели мийманды рәсмий күтип алыў мәресими болды. Шавкат Мирзиёев ҳәм Сердар Бердимуҳамедов минберге көтерилди. Еки мәмлекеттиң гимнлери жаңлады.

Ҳүрметли қараўыл әскерлери баслығы рапорт бергеннен соң мәмлекет басшылары қараўыл қатары алдынан өтип, әскерий хызметкерлерди қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағына ҳүрмет көрсетти.

Соң Президентлер рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Сердар Бердимуҳамедов тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды шын жүректен қутлықлап, бул ушырасыў Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықлары тарийхында жаңа бет ашатуғынына исеним билдирди.

– Олардың тийкарында әзелден беккем дослық, жақын қоңсышылық, исеним ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў байланыслары жатады, – деди Өзбекстан Президенти.

Өзбекстан жетекшиси Түркменстан Президентин усы жыл март айында өткен Президент сайлаўындағы жеңиси менен және бир мәрте қутлықлады.

– Данышпан түркмен халқы мәмлекеттеги кең көлемли реформалар даўам еттирилиўин толық қоллап-қуўатлап, сизге өз келешегин исенип тапсырды. Сизиң билим ҳәм тәжирийбеңиз, күш-жигериңиз ҳәм жетекшилик қәбилетиңиз гөзленген барлық режелерди жүзеге шығарыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы қатнасықларда жоқары дәрежеге ерисиўге ҳәм Орайлық Азия регионында жақын қоңсышылықты беккемлеўге қосқан шексиз үлесин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда биргеликтеги ҳәрекетлер нәтийжесинде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында унамлы пәтке ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

– Соны  атап өтпекшимен, биз ушын Түркменстан региондағы исенимли ҳәм  әҳмийетли шерик. Бизиң кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы умтылысымыз исенимли, жақын қоңсымыз бенен стратегиялық қатнасықларды ҳәр тәреплеме беккемлеў нийетиндемиз, – деди Президентимиз.

Түркменстан Президенти миймандослық ҳәм қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығының сәлемин жеткерди.

– Сиз Гурбангули Мяликулиевич пенен биргеликте еки тәреплеме қатнасықлардың тийкарын салдыңыз ҳәм беккемледиңиз, бирге ислесиўдиң пуқта сиясий ҳәм ҳуқықый тийкарын жараттыңыз. Бул ретки мәмлекетлик сапарымыз стратегиялық шерикликке жаңа пәт бағышлаўға қаратылған ҳәм қойылған мақсетлерге ерисиўимизге исенемен, – деди Сердар Бердимуҳамедов.

Ушырасыў барысында мәмлекет басшылары Өзбекстан – Түркменстан бирге ислесиўиниң перспективаларын додалады, айрықша итибарды саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў, өз-ара саўданы көбейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыў, транспорт-транзит имканиятларынан пайдаланыўға қаратты.

Тәреплер аймақлараралық бирге ислесиўди жолға қойыўда үлкен потенциал бар екенин атап өтти.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды. Орайлық Азиядағы орналасқан исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик орталығын беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сердар Бердимуҳамедов Өзбекстан Президентин өзине қолайлы ўақытта Түркменстанға жуўап сапары менен келиўге мирәт етти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

– Түркменстан Президентиниң мәмлекетлик сапарын халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланыслары бузылмайтуғын, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге умтылыў турақлы екениниң айқын дәлийли сыпатында қабыл етемиз, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Түркменстан менен бирге ислесиўди беккемлеў Өзбекстан сыртқы сиясатының әҳмийетли бағдары екени атап өтилди.

– Сөйлесиўлер кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынына, дос мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигин буннан былай да беккемлейди ҳәм сапа жағынан жоқары дәрежеге алып шығатуғынына беккем исенемен, – деди Өзбекстан Президенти.

Мәмлекетлеримиз арасындағы унамлы пәтти сақлап қалыў ҳәм оның көлемин жақын жылларда еки есеге арттырыў ушын барлық имканиятларға ийе екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Буған Өзбекстан – Түркменстан шегара алды саўда аймағы ҳәм пайтахтларымызда саўда үйлерин ашыў бойынша қабыл етилген қарарлар хызмет етеди.

Тәреплер химия тармағындағы байланыслар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин жоқары баҳалады. Автомобиль ислеп шығарыў, электротехника, тоқымашылық ҳәм фармацевтика, азық-аўқат санааты ҳәм аўыл хожалығында кооперацияны кеңейтиў режелестирилген.

Усы мақсетте орта мүддетли Саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламасы қабыл етиледи. Буннан тысқары, ең перспективалы жойбарларды алға қойыў ушын қоспа жойбар офиси шөлкемлестириледи.

Транспорт тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен итибар қаратылды. Өткен жылы жүк тасыўлардың  17 процентке артып, бул тенденция быйылғы жылда да сақланып қалмақта. Тәреплер регион мәмлекетлериниң бийбаҳа транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, соның ишинде, жүклерди тасыў ушын өз-ара жеңиллик ҳәм шегирмелер бериўден мәпдар екенин билдирди.

Мәмлекет басшылары суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиўге тоқтап өтип, Суў хожалығы мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық комиссия табыслы ислеп атырғанын атап өтти. Президентимиз бүгин регион суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға хызмет ететуғын тарийхый әҳмийетке ийе Әмиўдәрья бойынша келисимге қол қойылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан энергетика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, Түркменстаннан электр энергиясы, газ ҳәм нефть өнимлерин сатып алыўдан мәпдар.

Түркменстан тәрепи товар алмасыўды диверсификациялаў ҳәм кеңейтиў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.

– Мәмлекетлер үлкен потенциалға ийе әҳмийетли тармақлар арасында биз агросанаат комплекси, энергетика, химия ҳәм нефть-химия, машина қурылысы, тоқымашылық ҳәм фармацевтиканы кеңейтпекшимиз. Бизнес топарлары арасындағы шерикликти кеңейтиў ушын имканиятлар бар. Кейинги жылларда шегаралас аймақлар арасындағы байланыслар жеделлести. Өзбекстан менен бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм кеңейтиў нийетиндемиз, – деди Түркменстан Президенти.

Сөйлесиўлер даўамында мәмлекет басшылары еки мәмлекет ҳүкиметлерине ерисилген келисимлердиң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў ҳәм олардың әмелге асырылыўы бойынша ҳәр ай мәлимлеме берип барыўды тапсырды.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Сердар Бердимуҳамедов Биргеликтеги билдириўге қол қойды. Онда ерисилген тийкарғы келисимлер беккемлеп қойылған және еки мәмлекет арасындағы көп қырлы өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў бойынша узақ мүддетли ўазыйпалар белгиленген.

Мәмлекет басшылары жанында еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм уйымларының басшылары тәрепинен келисимлерге қол қойылды. Жәми 19 ҳүжжетке қол қойылды, олардың ишинде:

– транспорт-транзит тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында келисим;

– туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Әмиўдәрья суў ресурсларын басқарыў, қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында келисим;

– Инициативалы илимий-изертлеў жойбарларының қоспа таңлаўын өткериў ҳаққында келисим;

– 2022-2025-жылларға мөлшерленген саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламасы;

– 2022-2024-жылларға мөлшерленген илимий-техникалық бирге ислесиў ҳаққында бағдарлама;

– 2023-2024-жылларға мөлшерленген сыртқы ислер министрликлери арасындағы бирге ислесиў бағдарламасы;

– Өзбекстан ҳәм Түркменстан шегара алды саўда зонасын, Саўда орайын шөлкемлестириў ҳәм жумыс алып барыўын тәртипке салыў ҳаққында Ҳүкиметлераралық келисим қағыйдаларына әмел етиўин тәмийинлеў бойынша илажлар режеси.

Сондай-ақ, химия тармағы, бажыхана, темир-жоллар, музейлер, әдиллик, жасларға байланыслы сиясат, телерадио еситтириў ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Бул ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы бирге ислесиўдиң бир қатар перспективалы бағдарларында әмелий шерикликти беккемлеўге хызмет етеди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда  Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов болып өткен сөйлесиўлер ҳаққындағы пикирлерин билдирди.

Өзбекстан жетекшиси Түркменстан Президентиниң сапары халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық, жақын қоңсышылық, исеним ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўға тийкарланған дослық байланыслары тарийхында жаңа бет ашыўға қаратылғанын атап өтти.

– Бүгин биз Сердар Гурбангулиевич пенен мазмунлы, ашық ҳәм ҳәр-тәреплеме сөйлесиўлер өткердик, олар бирге ислесиўимизди жаңа, буннан былай да жоқары дәрежеге алып шығатуғынына гүман жоқ, – деди Президентимиз. –  Биз еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме додаладық. Бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы бойынша пикир алыстық, бул бағдарда табысқа ерисилгенин атап өттик. Сиясий, саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика ҳәм гуманитарлық бағдарларда биргеликтеги жумысымыздың әҳмийетли тәреплерин белгилеп алдық.

Бир қатар перспективалы бағдарлар бойынша санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыў, товар алмасыўды көбейтиў, шегара алды саўда зонасын шөлкемлестириў,  қоспа жойбар офисин ашыў бойынша қабыл етилген қарарлар сөйлесиўлердиң әҳмийетли нәтийжеси болды.

Автомобиль ислеп шығарыў, химия, элеткротехника, тоқымашылық, азық-аўқат  санааты ҳәм аўыл хожалығында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды.

Усы мақсетте орта мүддетли Саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди.

Аймақлар арасындағы пайдалы қарым-қатнасты раўажландырыў да Өзбекстан ҳәм Түркменстан шериклигине жаңа пәт бағышлайды. Күни кеше Бухарада табыслы өткерилген биринши аймақлар форумы да иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенин көрсетти. Оның жуўмағында улыўма баҳасы 450 миллион доллардан зыят болған шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылды.

Парламентлер Олий Мажлис ҳәм Миллий Кеңес арасындағы бирге ислесиў нәтийжели өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр қашанғыдай, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөйлесиўлердиң дыққат орайында болды. Илимий ҳәм академиялық алмасыўларды раўажландырыў, инновациялар тараўындағы бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў бойынша келисимге ерисилди.

Буннан кейин де Өзбекстан ҳәм Түркменстан мәденияты ҳәм кино күнлерин өткерип барыў, туризм тараўындағы қоспа жойбарларды алға қойыўға қарар етилди.

Сөйлесиўлерде регионымызда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў мәселелери додаланды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары Мәсләҳәт ушырасыўларының үлкен әҳмийети атап өтилди.

– Орайлық Азияда регионаллық процесслер ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң беккемлениўи региондағы барлық мәмлекетлердиң раўажланыўына хызмет ететуғынына беккем исенемен, – деди Өзбекстан Президенти.

Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысылды. Мәмлекет басшылары бул мәмлекеттиң социаллық-экономикалық тиклениўи мақсетинде буннан кейин де биргеликте ҳәрекет етиўге таяр екенин билдирди.

БМШ, ҒМДА, ИБШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде белсенди сөйлесиўлер ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Түркменстан тәрепине Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығын беккемлеў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўде көрсеткен белсенди жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы түркменстанлы кәсиплесин Самарқандта өткерилетуғын ШБШның гезектеги саммитинде ҳүрметли мийман сыпатында қатнасыўға мирәт етти.

– Көп қырлы Түркменстан – Өзбекстан бирге ислесиўи бүгин жедел раўажланбақта. Өзбекстан бизиң әҳмийетли сиясий шеригимиз болып табылады. Бүгин саўда-экономикалық шериклик қатнасықлары турақлы додалаў ҳәм оны кеңейтиў және диверсификациялаўға еки тәреп те таяр екени дәлийлленди, – деди Сердар Бердимуҳамедов.

Жуўмағында мәмлекет басшылары кең көлемли стратегиялық шерикликти раўажландырыў ҳәм кеңейтиў, оны сапа жағынан жаңа мазмун менен байытыў, дос мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы жолында анық ҳәм нәтийжели жетискенликлерге ерисиўге исенимли умтылатуғынын атап өтти.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов елимизге мәмлекетлик сапарының биринши жумыс күнинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жанында Көксарай резиденциясының Ҳүрметли мийманлар қыябанына терек екти.

Бул жақсы дәстүр жақын жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти кеңейтиў ушын тийкар болатуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жемисли нәтийжелерин беккемлейди.

Түркменстан басшысы тәрепинен егилген терек халықларымыз арасындағы дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланысларының бузылмайтуғын нышанынан бири болып хызмет етеди.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА