Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

Қәдирли жаслар, әзиз перзентлерим!

Бәринен бурын, барлық Жаңа Өзбекстан жасларын бүгинги қутлы байрам – Жаслар күни менен қызғын қутлықлайман.

Әлбетте, сизлер менен ушырасыў, кеўлиңиздеги жақсы арзыў-нийетлериңиз ҳәм режелериңиз бенен ортақласыў, усыныс ҳәм басламаларыңызды тыңлаў маған бәрқулла қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлайды.

Сизлердиң күш-жигер ҳәм умтылысыңызды көрип, жанып турған көзлериңизге қарап өзиме таўсылмас күш аламан.

Ҳәзир ғана Президент ҳәм дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары, Жаңа Өзбекстан университетиниң студентлери, жас илимпаз ҳәм дөретиўшилер, IT программистлер, спортшы ҳәм исбилерменлер менен пикирлестим. Бүгинги жасларымыздың потенциалы, дүньяға көзқарасы, билдирген усыныс ҳәм басламалар, еркин пикирлеўи, келешек ҳәм Ўатан ҳаққында, өзиниң жәмийеттеги орны ҳәм жуўапкершилиги ҳаққындағы көзқараслары барлық ата-аналар, устаз-тренерлер қатарында мени де шексиз қуўандырады.

Әзиз перзентлерим!

Дүньядағы қыйын жағдайды өзиңиз көрип турсыз. Ҳәр күни жаңа қәўип-қәтерлер ҳәм тәшиўишлерге дус келип атырмыз. Бундай жағдайларда халқымыздың ерк-ықрары ҳәм мәртлигине сүйенип, Өзбекстанның, миллий мәплерине жуўап беретуғын бирден-бир дурыс жолды табыў ушын биргеликте умтылмақтамыз.

Мийнеткеш ҳәм кеңпейил ҳалқымыз, сизлер сыяқлы билимли, белсенди ҳәм жигерли ул-қызларым бар екен, биз ҳәр қандай қыйыншылықларды әлбетте, жеңип өтемиз.

Ҳүрметли жаслар!

Хабарыңыз бар, биз мәмлекетимизде жаслар менен ислесиў бойынша пүткиллей жаңа система жараттық. Мәҳәллелерде 9,5 мың жаслар жетекшилери өз жумысын баслады.

Ҳәзирги ўақытқа шекем «Жаслар дәптери»не киргизилген 700 мыңнан аслам жигит-қызлардың машқалаларын шешиўге 650 миллиард сум қаратылды.

Жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў тийкарғы бағдарға айланды. Кейинги еки жылда 174 мың жастың исбилерменлик жойбарлары ушын 4 триллион 400 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер қаратылды.

Дийқаншылық пенен шуғылланыў тилегинде болған 560 мың заманласыңызға усы жылы 155 мың гектар жер майданы ажыратылып, 800 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Сондай-ақ, жасларды жумысқа алған исбилерменлерге социаллық салық суммасын қайтарыў тәртиби енгизилди ҳәм бул имканияттан 715 мың жаслар жумыс ислеп атырған 7,5 мың кәрхана пайдаланды.

Әлбетте, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша да үлкен қәдемлер тасланбақта. Бул бағдарда Жаңа Өзбекстанның жаңа мектеплери – Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелескен мектеплер көлеми кеңейип, оларда билим алып атырған оқыўшылар жоқары нәтийжелерге ериспекте.

Өткен оқыў жылында тек ғана Президент мектеплерин питкерген 424 ул-қызлардың бәршеси жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етилди. Олардың 102 си ямаса 24 проценти сырт елдеги жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырғаны ҳүрметке ылайық.

Кейинги еки жылда 400 жасларымыз «Эл-юрт умиди» қоры арқалы сырт еллердеги ең абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға жиберилди. Мысал ушын, ташкентли Ламия Худоёрова – Оксфорд университетине, бухаралы Расулбек Баҳодиров – Лондон университетине, самарқандлы Нилуфархон Рўзиева – Чикаго университетине оқыўға қабыл етилди. Бундай жигит-қызлар ҳәр бир ўәлаятта көплеп табылады.

Қәбилетли жасларымыз кейинги бир жыл ишинде халықаралық пән олимпиадаларында 255 медальды қолға киргизди.

Соның менен бирге, сырт елде 382 спортшы жасларымыз абырайлы халықаралық жарысларда 419 сыйлы орынларды ийеледи. Соның ишинде, Нодирбек Абдусатторов ҳәм Умида Омонова – жедел шахмат бойынша; Зуҳриддин Қодиров – қылышласыў бойынша жәҳән чемпионы болғаны; 23 жасқа шекемги футболшыларымыз Азия чемпионатының гүмис медалын қолға киргизгени, әлбетте, пүткил халқымызға мақтаныш бағышлайды.

Мен мине усындай илимли, күшли ҳәм қәбилетли перзентлеримиздиң бар екенинен мақтанаман. Олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлерине айрықша рахметлер айтаман.

Бул ул-қызларымыз халқымыздың алтын фонды, Үшинши Ренессанс дөретиўшилери, десем, ҳеш қәтелеспеймен. Жаңа Өзбекстанның келешеги есапланған бундай пидәкер, билимли, зийрек ҳәм ўатанын сүйиўши ул-қызларымыз бәршеге үлги болыўы керек.

Әзиз перзентлерим!

Ҳәр сапары сизлер менен ушырасыўға таярлық көрип атырғанымда мени бир сораў терең ойландырады. Ертеңги күнимиз ийелери болған жасларымыздың және де бәркамал болыўы ушын және қандай шараят ҳәм имканиятларды жаратып бериўимиз керек

Бүгинги форумға да Өзбекстан жасларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар жаңа илажларды қабыл етиў бойынша усыныслар менен келдим.

Бәринен бурын, жасларымыздың заманагөй кәсип ҳәм билимлерди ийелеў имканиятларын кеңейтемиз.

Хабарыңыз бар, 18 жастан 30 жасқа шекемги ул-қызларымыздың мәселелерин шешиў мақсетинде енгизилген «Жаслар дәптери» системасы әмелде унамлы нәтийжелер бермекте. Бирақ соны да умытпаў керек, жаслардың дүньяға көзқарасы, олардың белгили бир кәсипке болған қызығыўшылығы 14 жасынан, яғный мектеп дәўиринен ақ қәлиплеседи.

Сол себепли буннан былай 14-17 жас аралығындағы 3 миллионға шамалас ул-қызларымызға да «Жаслар дәптери»нде нәзерде тутылған жеңилликлерден пайдаланыў имканияты жаратылады. Атап айтқанда, онда нәзерде тутылған жеңилликлер әмелдеги 11 ден 25 ке көбейтиледи. Соның ишинде, бул дәптерге киргизилген перзентлеримизге заманагөй кәсиплер, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин үйрениў ушын ҳәр айда 1 миллион 200 мың сумнан субсидия бериледи.

Сондай-ақ, жасларға илим, спорт, көркем өнер ҳәм мәденият бағдарларындағы дөгереклер ушын 6 ай даўамында 300 мың сумнан пул төленеди. Оларға бул бағдарлар бойынша жергиликли олимпиадаларда қатнасыў қәрежетлери ушын – 1 миллион 200 мың сумнан, абырайлы халықаралық олимпиадалар ушын – 12 миллион сумнан қаржы ажыратылады.

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәпетери»не киргизилген шаңарақлардың перзентлери ушын жылына бир мәрте мектеп формасы ҳәм оқыў қуралларын сатып алыў қәрежетин мәмлекет өз мойнына алады.

Жән бир әҳмийетли жаңалық – музыка көркем өнерине қызығыўшылығы жоқары болған жасларды және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап мақам атқарыўшылығы, мақам нама атқарыўшылығы ҳәм бақсышылық бағдарларына жаңадан қабыл етилген студентлердиң шәртнама төлемлери толық мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи. Фортепиано атқарыўшыларын таярлаў бойынша қабыллаў 3 есеге көбейтилип, бул бағдарда да контракт төлемлери толық қаплап бериледи.

Буннан тысқары, енди техникумларға қабыллаў жылына 2 рет шөлкемлестирилип, студентлер ушын мәмлекетлик гранттың саны 2 есеге арттырылады. Сондай-ақ, техникумлар ушын билимлендириў кредити енгизиледи ҳәм 80 мыңнан аслам жасларға кредит бериў ушын финанслық ресурс ажыратылады.

Есап-санақларға қарағанда, бүгинги күнде бир IT қәнигесин таярлаў ушын кеминде 1 жыл ўақыт ҳәм 20 миллион сумға шекем қаржы талап етиледи. Нәтийжеде, жақсы қәниге 2-3 айда бир бағдарлама жаратып, бул қәрежетти биймәлел қаплаўы мүмкин.

Буннан былай жеке меншик билимлендириў мәкемелеринде IT технологиялары бойынша оқыў (программаластырыў, веб-дизайнер, анимация) тилегин билдирген жасларға да 20 миллион сумға шекемги муғдарда 4 жыллық жеңиллетилген кредит бериледи.

Соңғы ўақытлары алыс аймақлардағы мектеплердиң оқыўшылары да шет тиллери бойынша билим белессиўлеринде жақсы нәтийже көрсетпекте. Бундай жасларымыз бенен ҳәр қанша мақтансақ, оларды хошаметлеп барсақ арзыйды.

Республикалық беллесиўлерде жоқары нәтийжелерге ерискен, мине, усындай 70 оқыўшымыз ҳәм олардың 14 устазы мәмлекет есабынан Уллы Британияға сапарға жибериледи.

Қәдирли жаслар!

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслар менен ислесиў бойынша енгизилген жаңа система тийкарында 8 миллионнан аслам жигит-қызларымызды қамтып алған «Жаслар балансы» қәлиплестирилди. Оған бола, ҳәзирги ўақытта республикамызда жумыссыз жигит-қызлар  1 миллион 200 мыңды қурамақта. Солардан 850 мыңы жумыс ислеў тилегинде болған жаслар есапланады.

Ең әҳмийетлиси, жаслардың қызығыўлары кәсип-өнерге бейимлилиги, мағлыўматы, социаллық жағдайы ҳәм машқалаларынан толық хабардар болыў имканиятын беретуғын система жаратылды.

Усы жылы 404 мың жигит-қыз орта билимлендириўди, 151 мыңы профессионал билимлендириў мәкемесин питкерип, мийнет базарына кирип келеди. Олардың бәнтлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа есапланады. Соның ишинде, бир жыл даўамында исбилерменлик бағдарламаларына 4 триллион сум қаратыў арқалы 220 мың жастың бәнтлиги тәмийинленеди. 130 мың жасқа кәсип өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқыўы ушын 160 миллиард сум субсидия ажыратылады. 110 мыңнан аслам ул-қызларымыз болса, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм жеке меншик сектордағы бос жумыс орынларына жайластырылады.

Сондай-ақ, жаслардың исбилерменлик жойбарларына 250 миллиард сум субсидия ҳәм компенсациялар бериледи. Соның менен бирге олардың аўыл хожалығы тараўындағы жумысын да системалы түрде хошаметлеп барамыз. Мәселен, Алтыарық жүзимшилик кластериниң үлгиси тийкарында республикамыздағы 70 районда «Жаслар агрокластери»н шөлкемлестирип, 400 мың жасты жумыс пенен тәмийинлеймиз.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери жаслар менен ушырасып, бул режелерди өз аймақлары бойынша ҳәр тәреплеме додалады. Енди ҳәр жылы оқыў жылының жуўмақланыўы менен, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ҳәр бир аймақ өз алдына бағдарлама қабыл етеди.

Әзиз перзентлерим!

Әлбетте, ҳәзирги жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў аңсат емес. Бул бағдарда мәҳәллелердеги 6 миллионнан аслам ул-қызларымыз, әсиресе, жәмлеспеген жаслардың қәбилетин жүзеге шығарыў бойынша Бес баслама олимпиадасы жолға қойылды. Бүгинги илажда усы олимпиада жеңимпазлары болған 345 жигит-қызларымыз да қатнаспақта.

Егер сизлер қоллап-қуўатласаңыз, енди Бес баслама олимпиадасы ҳәр жылы 2 рет өткерип барылады.

Және бир әҳмийетли мәселе – бүгинги жаслар өзине керекли мағлыўматларды бәринен бурын, Интертенттен алмақта. Солай екен, Интернеттиң миллий сегментинде жасларды өзине тартатуғын, тарийхымыз, мәдениятымыз, қәдириятларымыз ҳаққында исенимли ҳәм қызықлы мағлыўмат беретуғын контентлер жетерли ме?

Тилекке қарсы, бул сораўға унамлы жуўап бере алмаймыз. Еле бул бағдарда алдымызда оғада үлкен ўазыйпалар турғанын бәршеңиз жақсы сезесиз, әлбетте.

Мен ҳәзир ғана ушырасқан Меҳриноз Аббосова басшылығындағы бир топар интакер жаслар тәрепинен дүньяның кең түрде ен жайған электрон энциклопедиясы – Википедияға 10 мыңнан аслам өзбек тилиндеги мақалалар жайласқанын еситип қуўандым.

Пурсаттан пайдаланып, мине усы пидайы ҳәм ўатанын сүйиўши ул-қызларымызға өз миннетдаршылығымды билдирмекшимен. Бундай жақсы ҳәм ийгиликли жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз зәрүр.

Мине, усы тәжирийбе тийкарында Интернет тармағында Өзбек миллий контентин раўажландырыў бағдарламасы әмелге асырылады. Онда миллий мәмлекетшилигимиз тарийхын текстли ҳәм видео контентлер арқалы үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратыў керек.

Сондай-ақ, елимизден жетилисип шыққан 100 уллы улама ҳәм ойшыллардың Интернеттеги мағлыўматлар базасын жаратыў, олардың шығармаларын ғалаба ен жайдырыў илажларын көремиз.

Википедияда өзбек тилиндеги мақалалар санын 100 мыңға жеткериў ҳәм шет тиллерде де Өзбекстан ҳаққындағы мағлыўматларды жайластырыў жақсы нәтийже беретуғыны сөзсиз. Бул мақсетлер ушын 10 миллиард сум қаржы қаратылады.

Бундай илажларға, билимли ҳәм жигерли волонтёр жасларды тартыў және олардың жумысын системалы түрде хошаметлеп барыў керек.

Усы жерде және бир әҳмийетли мәселеге тоқтап өтпекшимен.

Сизлердиң араңызда ўатанын сүйетуғын, мийрим-шәпәәт ҳәм инсаныйлық бағдарында көпшиликке ибрат болып атырған жаслар оғада көп.

Бүгин волонтёр жаслардың ҳәрекети жәмийетимиздиң көплеген тараўларында кеңнен ен жаймақта. Буннан былай Жаслар агентлиги бул ҳәрекетке басшылық етеди. Жаслардың басламалары тийкарында ҳәр жылы Ҳәрекетлер бағдарламасы ислеп шығылады ҳәм волонтёрлық жумысы қоллап-қуўатланады.

Жаслардың билим алыўына итибар қаратыў менен бирге, китапқумарлықты буннан былай күшейтиўимиз зәрүр. Усы мақсетте мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәр бир көше кесиминде китапқумарлық таңлаўы, «Заковат» ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларды жолға қояды. Бундай таңлаўлар ҳәр ҳәптеде – мәҳәлле кесиминде, ҳәр айда – район көлеминде ҳәм ҳәр шеректе ўәлаят дәрежесинде өткерип барылыўы керек. Бул арқалы 2 миллионға шамалас жас қамтып алынады.

Соның менен бирге, ўәлаятлар, район ҳәм қала ҳәкимлери ҳәр бир мектеп китапханасына кеминде мыңнан жаңа көркем әдебиятларды жеткерип береди.

Жаслардың физикалық ҳәм руўхый раўажланыўында спорттың орны шексиз екени бәршемизге жақсы белгили.

Мине, жақында Тўдакөлде 327 мыңнан аслам жас қатнасқан шахмат турнириниң финал басқышы болып өтти. Келеси жылы Тўдакөлде дүнья стандартларына жуўап беретуғын халықаралық шахмат мектебин қурып, пайдаланыўға тапсырамыз. Бул жерде дүньяның ең белгили гроссмейстрлери келип, балаларымызға шахмат сырларын үйретеди. Наўайы кән-металлургия комбинатының баслығы, сенаторымыз Қуўандық Санақулов усы мектептиң өз ўақтында қурылыўы ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўына жуўапкер болады.

Сондай-ақ, республикамыз бойынша мәҳәллелер кесиминде 631 мың ул-қызлар қатнасқан волейбол, 671 мың жигит қатнасқан футбол ҳәм мини-футбол беллесиўлери де жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Бул жарыслар жаслардың спортқа қызығыўшылығы оғада жоқары екенин көрсетти.

Биз мәмлекетимизде спортты және де ғалаба ен жайдырыў, атап айтқанда, жасларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў ҳаққында көп айтамыз, қаншадан-қанша жумысларды әмелге асырғанбыз. Бирақ сораў туўылады: соған жараса биз күткен нәтийжелер болып атыр ма? Тараўда қандай кемшиликлерге жол қойылмақта?

Бул мәселеге сын көзқарастан қатнас жасап, зәрүр илажларды әмелге асырыў ўақты-сааты келди, деп ойлайман.

Усы жылдан баслап 36 спорт федерациясы, 274 спорт мектеби өз аймағындағы мәҳәллелер, орта мектеплер, колледж ҳәм техникумлар менен биргеликте жумыс ислейди. Ҳәр бир көше, мәҳәлле, мектеп, колледж ҳәм техникумда футбол, баскетбол, волейбол, стол тенниси, велоспорт, жуўырыў, шахмат-шашка ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша командалар дүзиледи.

Буннан былай барлық спорт жарыслары «мәҳәлле – район – ўәлаят – республика» шынжыры тийкарында шөлкемлестириледи.

Әлбетте, бундай жумысларды әмелге асырыў мәҳәлледеги жаслар жетекшилеринен үлкен жуўапкершилик ҳәм интакерликти талап етеди.

Реформаларымыз нәўқыран әўлад турмысына және де терең кирип барыўы ушын жаслар жетекшилерине кеңирек имканият ҳәм ўәкилликлер берсек, сизлер де оны қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман.

Буннан былай ҳәр жылы жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине оқыўға қабыл етилген 500 ең белсенди жаслар жетекшилериниң контракт төлемлери Жаслар ислери агентлиги тәрепинен төлеп бериледи. Сондай-ақ, «Жас басшы кадрлар резерви» қәлиплестирилип, оның 30 проценти жаслар жетекшилери есабынан толықтырылады.

Мен жаслар жетекшилери тымсалында болажақ ҳәкимлер ҳәм министрлерди, ири банк ҳәм компаниялар, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, сиясий партиялардың лидерлерин көремен.

Қәдирли перзентлерим!

Биз «Бийтәкирар елимизде турақлы жәмийетти ҳәм даўамлы раўажланыўды тәмийинлеў – бәршемиздиң бас мақсетимиз болып есапланады» сүрени астында реформаларымыздың жаңа дәўирин басламақтамыз.

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында жаслар менен ислесиў, олардың нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды реформаларымыздың баслы нормаларынан бири сыпатында белгиледик.

Усы күнлерде Конституциямызды улыўма халықлық додалаўда көрип шығып, оны жетилистириў бойынша оғада әҳмийетли сиясий реформалар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда келип түскен усыныс ҳәм басламалардың 70 проценттен асламы әйне жасларымыз тәрепинен билдирилгени мени оғада қуўандырады.

Әлбетте, жаңаланып атырған Конституция, бул – сизлердиң Конституцияңыз.

Жаңаланып атырған Конституциямызда да жаслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплери тийкарғы әҳмийетке ийе болады.

Усы мүнәсибет пенен сизлерге, бүгин мәмлекетимиз жасларына мүрәжат етип айтпақшыман.

Ҳеш қашан умытпаң, сизлер инсан ҳәр тәреплеме еркин, азат ҳәм абат жасайтуғын Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессанс дөретиўшилерисиз.

Мине, усындай мәртебеге мүнәсип болыў жолындағы умтылысларыңыз ҳәм турмыста өзиңиздиң мүнәсип орныңызды табыўыңыз ушын буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларды толық жумсаймыз.

Мен Президент сыпатында сизлер өз алдыңызға қойған реже ҳәм шеклерге ерисиўиңиз ушын барлық шараятларды жаратып бериўге таяр екенимди бүгин және бир мәрте айтып өтпекшимен.

Бүгин сизлердиң жанып турған көзлериңиз, қуўанышқа толы гөззал жүзлериңизге қарап, академик Ғафур Ғуламның

Сиз ақыр аспанды алмақ болсаңыз,

Не ушын ийнимди тутып бермейин?

– деген жалынлы қатарлары ядыма түспекте.

Мен сиз, әзиз перзентлеримнен бир нәрсени сорайман: тынымсыз оқып, изленип, заманагөй билимлерди ийелеўден, кеўлиңиздеги жақсы мақсетлерге қарай ҳәрекет етиўден ҳеш қашан тоқтамаң!

Қарақалпақстаннан Әндижанға шекем, Сурхандәрьядан Ташкентке шекем – барлық аймақлардағы жасларымыз Жаңа Өзбекстанды қурыў сыяқлы уллы мақсетимиз жолында бир тән, бир жан болып, исенимли қәдемлер менен алға умтылыўымыз керек.

Мен сизлердиң бул жолда шекти ийелеўге, бирден-бир күш болып ҳәрекет ететуғыныңызға исенемен.

Сизлер буған әлбетте уқыплысыз.

Мен сизлерге исенемен ҳәм сизлер менен мақтанаман, әзиз балаларым!

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди бүгинги умытылмас байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлайман.

Сизлерге беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, үлкен жетискенликлер тилеймен.