Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Равшан Мамутов Беруний районында сайлаўшылар менен ушырасты.

Онда пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.

Илажда депутат Конституциялық нызам жойбарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине тоқтап, оны улыўмахалықлық додалаўда халықтың, әсиресе, жаслардың белсене қатнасыўы айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген кең көлемли ўазыйпалардың тийкары, халықшыл мәмлекетти қурыў, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў болып табылады. Өткен дәўир ишинде жәмийетимиздиң сиясий, социаллық-экономикалық  ҳәм мәдений турмысында түпкиликли өзгерислер жүз берди.

Күнниң екинши ярымында депутат район жаслары менен ушырасты. Райондағы 2-сектор аймағында Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны мәденият орайында болып өткен ушырасыўда питкериўши жасларға сектор басшысының мүрәжаты оқып еситтирилди.

Ушырасыўда елимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, бәркамал инсан етип тәрбиялаў, соның менен бирге, билими ҳәм қәбилети менен жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жасларды хошаметлеў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Президентимиздиң басламасы менен 30-июнь-елимизде «Жаслар күни» деп жәрияланыўы ҳәм ҳәр жылы оның көтериңкилик жағдайында белгилениўи ертеңги күнниң ийелерине қаратылып атырған итибар, көрсетилип атырған ғамқорлықтың айқын көриниси болып табылады. Бүгинги жаслардың дүньяға көз-қарасы басқаша, олар заман менен тең қәдем тасламақта. Кәсип өнер ийелеўге умтылыўшаңлығы, билим алыўға қуштарлығы менен ажыралып турады.

Беруний районында «Жаслар дәптери» арқалы жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жыл даўамында системалы илажлар алып барылмақта. Соның ишинде  2-сектор аймағындағы 10 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынында 10872 жас жасайды. Бүгинги күнге 329 жас «Жаслар дәптери» платформасына онлайн арза арқалы дизимнен өткен.

«Жаслар дәптери»не дизимге алынған 263 жасқа 329,6 миллион сумлық жәрдем көрсетилген. Соннан 18 жасқа 66,7 миллион сум шәртнама пулы ҳәм 37,8 миллион сум операция пулы төлеп берилди.

Ушырасыў соңында жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, оларға саўғалар тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы