30-июнь – Жаслар күни. Жаңа Өзбекстанда келешегимиз дөретиўшилери болған жас әўладты қоллап-қуўатлаў мақсетинде жәрияланған қуўанышлы байрам.

Буннан бес жыл бурын Президент Шавкат Мирзиёев жаслар ҳәрекети қурылтайында қатнасып, 30-июнь сәнесин мәмлекетимизде Жаслар күни, деп жәриялаўды усыныс еткен еди. Соннан берли бул сәне елимизде үлкен байрам сыпатында белгиленип келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан» паркинде шөлкемлестирилген байрамға келди.

Бул жерде Әмир Темур, Мырза Улығбек, Ал-Хорезмий, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммад Бабур, Жалалиддин Мангуберди атындағы павильонлар шөлкемлестирилген. Оларда жаслардың илим, дөретиўшилик, спорт ҳәм көркем өнер тараўларында ерискен жетискенликлери көрсетилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул көргизбелерди аралап жүрип, оларды көзден өткерди. Жаслар менен сәўбетлести.

– Ҳәзирги жасларымыздың билими, ҳәрекетлери мени шексиз қуўандырады. Тийкарында сондай болыўы да керек. Себеби денеңизде уллы ата-бабаларымыздың қаны ағып атыр. Тарийхымыз отыз бир жыллық емес, он үш мың жыллық. Ата-бабаларымыз еки ренессансқа тийкар салған. Енди биз Үшинши Ренессанс тийкарын қурмақшымыз. Кимге исенип? Сизлерге исенип. Ең үлкен исенимимиз билимлендириў,-деди Шавкат Мирзиёев.

Паркте «Бес баслама олимпиадасы» нәтийжелери де көрсетилди. Ҳәммемизге белгили, бул жарыслар Өзбекстан Президентиниң быйыл 11-апрельдеги қарарына муўапық жолға қойылды. Оның мәҳәлле, сектор, район, қалалық, ўәлаятлық ҳәм республикалық басқышларында 6 миллионнан аслам ул-қызлар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў районында болып өткен «Жаслар аўазы» таңлаўы көркем өнер бағдарларындағы талантлыларды пайда етти. Президентимиз бул таңлаў жеңимпазлары менен сәўбетлесип, оларға табыс тиледи.

Мәмлекетимизде жаслар сиясатына тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бул бойынша өз алдына мәмлекетлик шөлкем – Жаслар ислери агентлиги шөлкемлестирилген. Усы жылдан баслап мәҳәллелерде 9 мың 500 жаслар жетекшиси жумыс баслады.

«Жаслар дәптери»не киргизилген 700 мыңнан аслам жигит-қызлардың машқалаларын шешиўге 650 миллиард сум қаратылды. Кейинги еки жылда 174 мың жастың исбилерменлик жойбарлары ушын 4 триллион 400 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер берилди. 560 мың жасқа дийқаншылық ушын жер майданы ажыратылып, бәнтлиги тәмийинленди.

Билимлендириўдиң сапасын арттырыўға да үлкен әҳмийет қаратылмақта. Қәнигелескен мектеплер көлеми кеңейип, оқыўшыларға терең билим берилмекте. Тек ғана Президент мектеплерин питкерген жаслардың 102 си сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқымақта.

Кейинги еки жылда 400 жас «Эл-юрт умиди» қоры арқалы сырт елге оқыўға жиберилди. Кейинги бир жылда халықаралық пән олимпиадаларында 255 медаль қолға киргизилди. Усы жылы 382 жас спортшымыз абырайлы халықаралық жарысларда 419 сыйлы орынларды ийеледи.

Булардың барлығы байрам майданшаларында көрсетилди. Буннан кейин Президент амфитеатр майданына келип, мәмлекетимиздиң ул-қызларын Жаслар күни менен қутлықлап, шығып сөйледи.

– Сизлер менен ушырасыў, усыныс ҳәм басламаларыңызды тыңлаў маған бәрқулла қуўаныш ҳәм мақтаныш бағышлайды. Күш жигер ҳәм умытылысларыңызды көрип, жанып турған көзлериңизге қарап, өзиме таўсылмас күш аламан. Сизлер, мине, усындай үлкен күш-қүдирет ийесиз,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы байрамға жаңа илажлар менен келгенин атап өтип, жаслар ушын жаратылажақ имканиятларды жәриялады.

Атап айтқанда, «Жаслар дәптери»нде нәзерде тутылған жеңилликлер енди 14-17 жас аралығындағы 3 миллионға шамалас ул-қызларға да қолланылады. Жеңилликлер саны да ҳәзирги 11 ден 25 ке көбейтиледи.

2022-2023-оқыў жылынан баслап, мақам қосықшылығы, мақам нама атқарыўшылығы, бақсышылық ҳәм фортепиано бағдарларына жаңадан қабыл етилген студентлердиң шәртнама төлемлери толық мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.

Техникумларға қабыллаў жылда 2 мәрте шөлкемлестирилип, студентлер ушын мәмлекетлик грант саны 2 есеге арттырылады. Олар ушын да тәлим кредити енгизиледи. Жеке меншик билимлендириў мәкемелеринде программаластырыў, веб-дизайн, анимация сыяқлы кәсиплерди үйрениўди қәлеўши жасларға да 20 миллион сумға шекемги муғдарда 4 жыллық жеңиллетилген кредит бериледи.

Шет тиллерин жақсы өзлестирген оқыўшыларды хошаметлеў мақсетинде 70 оқыўшы ҳәм олардың устазлары мәмлекет есабынан Уллы Британияға сапарға жибериледи.

Президент жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратты. Исбилерменлик бағдарламаларына 220 мың, кәсип-өнер үйрениўге 130 мың, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм жеке меншик сектордағы бос орынларға 110 мыңнан аслам ул-қызлар тартылатуғыны атап өтилди.

Интернет тармағында Өзбек миллий контентин раўажландырыў бағдарламасы әмелге асырылады. Бул мақсетлер ушын 10 миллиард сум қаржы қаратылады.

Усы жылдан баслап 36 спорт федерациясы, 274 спорт мектеби өз аймағындағы мәҳәллелер, мектеп ҳәм колледжлер менен биргеликте жумыс ислейди. Ҳәр бир көше, мәҳәлле, билимлендириў мәкемесинде спорт түрлери бойынша  командалар дүзиледи.

Ҳәммемизге белгили, усы күнлери Конституцияны реформалаў процеси кетпекте. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы усыныс ҳәм басламалардың 70 проценттен артығын жаслар алға қойып атырғанына итибар берди.

-Әлбетте, жаңаланып атырған Конституция бул-сизлердиң Конституцияңыз,-деп атап өтти Президент.

Шавкат Мирзиёев жасларға халық шайыры Ғафур Ғуламның сөзлери менен мүрәжат етти:

«Сиз бәлент аспанды алмақ болсаңыз,

Не ушын ийнимди тутып турмайын?»

Байрам салтанатын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы 220 мыңнан аслам жаслар бақлап барды. Мәмлекетимиз басшысы олар менен де видеобайланыс арқалы пикир алысты.

Жаслар күни алдында Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарына муўапық, илим, спорт, көркем өнер, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған бир топар жаслар «Келажак бунёдкори» медалы ҳәм «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған еди.

Мәмлекетимиз басшысы бул сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды.

Илаж «Жаслар ҳаўазы» таңлаўының жеңимпазлары ҳәм эстрада қосықшыларының қатнасыўындағы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

ӨзА