Президентимиздиң усы жыл 25-майдағы «Халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын мәнзилли қоллап-қуўатлаўга байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» фонды тәрепинен «Темир дәптер»ге киргизилген  ҳәм бир мәртелик жәрдем пулларын алмаған шаңарақларға бийпул ун өнимлери тарқатылмақта. Нөкис районында өткерилген илажда жәрдемге мүтәж 10 шаңараққа бийпул ун өнимлери тарқатылды.

Бундай қайырқомлық илажлары республикамыздың басқа районларында да өткерилмекте.

Фатима РЕЙМБАЕВА,

ҚМУдың интернет журналистика бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги