Президент Шавкат Мирзиёев 27-июнь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Быйыл пайтахтымызда дерлик 4 миллиард доллар инвестиция есабынан 500 ден аслам жойбар режелестирилген. Ҳәзирги күнге келип, соннан 1 миллиард 500 миллион доллары өзлестирилген. 120 миллион долларлық 71 жойбар иске қосылып, 5 мыңнан аслам жумыс орны жаратылған. Улыўма муғдары 2 миллиард 300 миллион долларлық және 450 жойбар бойынша жумыс алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы биринши ярым жыллықтағы көрсеткишлер жетерли емеслигин атап өтип, кешигип атырған жойбарлардың машқаласын шешиў, инвестициялар тартыўды көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Презентацияда «Янгиҳаёт» индустриал технопаркинде алып барылып атырған жумыслар да көрип шығылды.

Бул ҳаққында Өзбекстан Президентиниң 2021-жыл 4-февральдағы қарарында белгиленген еди. Бул технопарк ушын 210 гектар майдан ажыратылған. Бас реже ислеп шығылып, ҳәзирги күнде инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў басланған.

Президентимиз бул ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық жақтан әҳмийетли жойбар екенин атап өтти.

– Ҳеш бир мәмлекетте исбилерменге жеңиллик жаратпай турып, нәтийжеге ерисип болмайды. Бул технопарк исбилерменлер ушын қолайлы майдан болыўы керек. Импорттың орнын басатуғын, көбирек адамларды жумыс пенен тәмийинлейтуғын жойбарларға итибар қаратыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Биринши басқышта технопарктиң 110 гектар майданы аукционда сатылған. Оларда асхана үскенелери, кондитерлик ҳәм тоқымашылық өнимлери, сантехника товарлары, полиэтилен ҳәм металл буйымлар ислер шығарыў жойбарлары жайластырылған. Улыўма, технопаркте шөлкемлестирилетуғын кәрханаларда 20 мың жумыс орны жаратылыўы мөлшерленген.

Ташкентте хызмет көрсетиў тараўы бойынша да имканиятлар үлкен. Өткен бес айда бул тараўда 5 мың 500 жойбар шеңберинде 183 мың жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың талабы ҳәм имканиятларының өсип баратырғанын, соннан келип шығып, хызметлерди кең көлемде раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Жасларды бул тараў бойынша оқытып, хызметлер сапасын ҳәм бәнтликти арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА