Азат Матчанов – 70 жаста

 

 Усы июнь айының 30-сәнесинде биология илимлериниң докторы, профессор Азат Матчанов өзиниң 70 жасқа толыў юбилейин белгилеўи алдынан оның өмир жолы менен бурыннан таныс болғаным ушын, илимде өзиңди мойынлатыў, алым болыў аңсат емес деен пикирге келдим. «Адам болыў қыйын» деген де сөз қалған, бирақ бул күнде ҳәммениң кеўлинен шығатуғын адам болыў, әсиресе, басшы лаўазымларда ислегенлер ушын да аңсат емес. Солай болса да, өзиниң адмгершилик пазыйлетлери менен жәмәәтимизде, халық арасында абырайлы болып жүрген ағамызды қутлықлағымыз келеди.

Белгили физиолог илимпаз, жәмийетлик ғайраткер А.Матчанов өзиниң мийнет жолын тийкарынан илим ҳәм педагогикаға бағышлады. Кафедра баслығы, декан орынбасары, проректор, дәслеп Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының, кейин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры лаўазымларын атқарды, мыңлаған студент жасларға лекция оқыды, шәкиртлер таярлады, удайы өз үстинде изленип, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстанда ғана емес, Санкт-Петербург, Москва қалаларында белгили илимпаз қатарында өз орнына ийе болды. Ҳәзирги ўақытта ҚМУдың “Улыўма биология ҳәм физиология” кафедрасының баслығы сыпатында илимий-педагогикалық хызметин даўам еттирмекте.

Юбиляр менен буннан бир неше жыл бурын сәўбетлесиў жүргизген едик. Бүгин сол сәўбетимизди және бир мәрте сизлердиң нәзериңизге усынғым келип отыр. Буны ағамыз тояна сыпатында қабыл етиўин сорар едик.

 

Профессор – профессионал

 

Жаслық дәўир ҳаққында еске алатуғын болсақ, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың «Мениң жигит ўақтым, сениң қыз ўақтың» қосығы студентлик дәўирдиң жағымлы сазлы гимни сыяқлы қулағымыз түбинде жаңлап турғандай болады. Жаслық шақтың ләззетли минутларын еске салатуғын бул қосықты көпшилик сүйип тыңласа керек?! Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 70 жыллығы алдынан институт ректоры, биология илимлериниң докторы, профессор Азат Матчановтың илимий жумысларын Ленинградта (Санкт-Петербург) жақлағанын билетуғын болғанлықтан институтты да сол жақта тамамлаған шығар деп ойлайтуғын едик. Сәўбетимиз барысында оның да студентлик дәўири усы пединститут қушағында өткенлиги мәлим болды. Гүрриңимиз ректордың жаслығы ҳәм пединститут жасларының бүгинги турмысы ҳаққында

 «Мениң жигит ўақтым…»

 – Азат аға, дәслеп өмир баяныңыз бенен азы-кем таныстырып өтсеңиз?…

– Өскен елим – Хожели. Орджоникидзе деп аталатуғын орта мектептиң рус класын тамамладым. Шофёрлық курсты тамамлап, дәслеп колхозда машина айдадым, соң автобаза самосвал берди. Мен профессионалман. (Жүзинде мақтаныш сезими пайда болып күлип қойды)

 – Еки жыллық ис тәжирийбеңизди есапқа алып айтып отырсыз ба? – деймен өмири ҳаққында мағлыўмат жазылған қағазға қарап отырып.

– Исенбесеңиз, гүўалығым бар. Онда «профессионал» деп жазып қойыпты. Мийнет стажым менен пединституттың химия-биология факультетине кирдим. Оны университетке айланған жылы «айрықша» диплом менен тамамладым.

Мәмлекетлик имтихан тапсырып атырған пайытымызда ректорымыз Чаржаў Абдиров кирип келди. Оған жуўапларым унаған болыўы керек, мени есинде сақлап қалыпты. Бөлистириў ўақтында стажёр-оқытыўшы етип қалдырды. Тосаттан болған ўақыя тәғдиримди белгиледи. Топарымызда меннен басқа да билгиш, талантлы жаслар бар еди. Лекин, бахтыма ректордың нәзери маған түсти. Буннан кейинги жағында аспирантура, докторантура Ленинградта өтти. Илимий дәрежелеримди сол жақта қорғадым. Университетте оқытыўшы, доцент, кафедра баслығы, декан орынбасары, оқыў ислери бойынша проректор, руўхыйлық ҳәм ағартыў ислери бойынша биринши проректор болып иследим. 2001-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры болып тайынланаман дегенше университетте усындай басқышлардан өткен едим.

 – Сәўбетимизди бийғубар балалық дәўириңизге бурғым келеди. Қызық, Азат Матчанов мектепте қандай оқыўшы болған екен?

 1959-жылы биринши рус класына түрли миллеттиң балалары жыйналған едик. Рус, корейс, еврей, немис, қарақалпақ, өзбек, татар… Қулласы, бизлер интернационаллық руўхта тәрбияландық. Директорымыз – корейс, муғаллимимиз – рус ҳаялы Анна Михайловна еди. Химиядан Парахат Гарбузов, биологиядан Елена Степановна деген муғаллимлер қатаң үйрететуғын еди. Класымыз бенен усы пәнлерге жүдә қызығатуғын едик. Мениң келешегимди де усы еки муғаллим белгилеп берди-аў, деп ойлайман.

 – Унамсыз тәсир қалдырған муғаллимлер болды ма?

– Бизиң мектепте тәртип жүдә күшли еди. Сабақ қалдырыў, сабаққа таярлықсыз келиў мүмкин емес. Сонлықтан мектепте жаман муғаллим болды, деп еслей алмайман.

 – Тәсирли ўақыялардан да еслесеңиз?

 Инглис тили сабағы еди. Нам Слава деген жорамыздың Ленинградтағы әскерий-теңиз флоты Академиясында оқыйтуғын әжағасы рухсат сорап кирип келди ҳәм артқы парталардың бирине барып отырды. Әскерий формасы өзине қуп жарасқан, белинде қыстырыўлы пышағы да бар. Сабақ тамам болғаннан кейин муғаллим менен инглис тилинде өз ана тилиндей еркин сөйлескен бул метис жигитин көрип аўызларымыз ашылып қалыпты. Қызлар деген енди талып қалған есабы. Биз бозбалалар сондай жигит болыўды әрман еттик. Сабақлардан жарысып оқыйтуғын едик.

 – Садық дослар кимлер еди?

– Садық достым – биреў. Ол да болса Нам Слава. Ал, басқа классласларымыздың көбиси ҳәр жаққа көшип кетти.

 – Жүрегиңизди бийлеп алған қыз ше?

 Төртинши курста оқып жүргенимде әжағамның кандидатлық диссертациясын қорғаў мүнәсибети менен Москваға бардым. Чайковский залында қарақалпақ артистлери концерт берип атыр екен. Миллий кийим кийген еки дуўтаршы қыз фойеде тур еди. Биз еки жигит билет таба алмай турғанлықтан: – Сизиң концертиңизге қалай кириўге болады? – деп сорасам, олардың биреўи дәрриў еки билет әкелип берди. Ол қыз билетке кеткен ўағында мен де көшеден сары мимоза гүлин әкелип саўға еттим. Ол қыз дым салдамлы, қатал минезли, онша күлмейди. 9-класста оқыйды екен. Кейин ала келешекте усы қыз мениң өмирлик жолдасым болды. Ленинградқа оқыўға кетерде оны үйге алып келдим. Ташкенттеги оқыўын Ленинград мединститутына өзгерттик.

– Бала-шаға менен жат елде қыйналмадыңыз ба?

– О, қыйыншылықлар көп болды. Славаның Ленинградта жасайтуғын иниси бизлерге көп жақсылықлар иследи. Олар менен елеге шекем қатнасып турамыз. (Азат аға өмиринен бир-еки эпизод айтып берди ҳәм «келиң, қыйыншылықлар туўралы еслемей-ақ қояйық» деп өтиниш етти)

 «Турмысқа жеңил қарайтуғын жуўапкершиликсиз адамларды жақтырмайман»

– Ҳәзирги қызлар туўралы қандай пикирдесиз?

– Қызлар тәбиятынан қалай туўылған болса, сол сулыўлығын сақлаўы керек. Сөйлеген сөзи, жүрис-турысы, ислеген иси, ийбелилиги, әдеп-икрамлылығы менен жәмийетимизде ажыралып турса, турмысы бахытлы кешер еди, деп ойлайман. Ҳәзирги модаға келиспесе де, қатты боянып, мәўсимге ылайықлы емес кийингени – ерси.

 – Мысалы…

– Мәселен, жәзийрама ыссыда қалың шалбар кийеди. Қалың шалбарды тоңбаў ушын қыста кийсе, қарсылығым жоқ.

 – Тағы да шалбар мәселеси. Сизиңше, бул күтә әҳмийетли ме?

– Әлбетте, бул жүдә әҳмийетли. Гүзли-бәҳәр, жазда жарасықлы қыз-келиншек кийиминде миллий үрп-әдетлеримизди ҳүрметлеп, заманға сай жарасымлы кийинип жүрсе, өзлери ушын да, басқалар ушын да жағымлы болар еди.

 – Мени, ҳәтте, қатал, қайсар әкелердиң қызларын узатарда кеўли босап көзлерине жас алатуғыны ойландырады. Жақында сизде де усындай ҳалат сезилипти. Буның себеби неде?

Тәбияттан әке қызға, ана улға жақын болады. Буны немис физиологи Фрейд илимий жақтан дәлиллеўге тырысқан. Оҳо, оның мийнетлери менен таныссаң, қызық. Әке генетикалық жақтан көбирек қызға жақын болады. Ол өзиниң ис-ҳәрекети менен қызына өрнек болыўға тырысады. Қыз да өсе келе әкесине уқсаған жигит излейди. Ал, әке «қызым ҳеш ўақытта тәрк етпейди» деген ой менен жасайды. Узатар пайыт келгенде болған ҳәдийсеге эмоциялық жақтан жуўап бере алмай ерксиз көзине жас алатуғыны сонлықтан. Әкениң қызы туўралы өз жобалары болады, қызым оқыўды питкерип, жақсы қәниге болып жетиссе, ертең турмыста қыйналмай жасар еди, деп ойлайды. Тәбиятынан нәзик қызының ертең қыйналып жүргенин көриў – ҳәр бир әке ушын орны толмас ҳәсирет.

 Лекция оқыў – сүйикли кәрим

 – Бир танысым ертеректе биология факультетинде оқығанын, оның ушын Азат Матчанов университет оқытыўшыларының тымсалы болып қалғанын, ҳәр сабақты көргизбели қураллар менен жанлы өтип, физиология пәнин оғада жақсы үйреткенин, сессияда да әдалатлы муғаллим болып, өз принципинде беккем турғанын айтып, сизди устаз деп ҳүрмет ететуғынын билдирген еди. Оның үстине илгериде Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы студентлери арасында ташкентли қәнигелер тәрепинен ең жақсы оқытыўшы бойынша сораў-жуўап өткерилгенде рейтинги ең жоқары болған профессор А.Матчанов екенин ҳәм сизди көргиси келип, университеттен излетип атырғанын еситип қуўанғанымыз есимизде. Биз ҳәм университеттиң абырайына шерикпиз ақыры. Ҳәзир рейтингиз қандай? Студентлерге лекция оқып турасыз ба?

– Ҳәзирге шекем мединститут студентлерине лекция оқып бер, деп ректоры өтинип жүрипти. Себеби, студентлери физиологияны мени өтсин, деп сорап атырған. Тәбият таныў, денетәрбия факультетлерине сабақты өзим өтемен. Азғантай ўақыт тапсам, тараўым бойынша жаңалықлар излеймен, китаплар ақтараман. Санкт-Петербургтан әкелген фильмлерим – лекцияларым ушын баҳалы қураллар. Адам организминдеги қан айланыў системасын үйрениў – бул өз алдына әжайып илим. Мениң илимий изертлеўлерим усы тараўға бағышланған. Лекция оқыў – мениң сүйикли кәрим. Ҳәр сабақта үйреткенлеримди сорап, студентлерден билим талап етиў әдетке айналған. Соның ушын студентлер мениң сорайтуғынымды билип, ҳәр бир теманы оқып жүреди. Сабақта жақсы жуўап берген студентлер имтихан пайытында қыйналмайды.

 – Бурынғы ҳәм ҳәзирги (ректор болғаннан кейинги) А.Матчанов арасында парық бар ма?

– Аўа, парық бар. Менде жуўапкершилик сезими күшейди. Себеби, төрт мыңнан аслам профессор-оқытыўшылары, студентлери бар үлкен жәмәәтке басшылық етиў аңсат емес. Өзиңиз көрип турыпсыз, институттың алдында көрген көзди қуўантып роза гүллери жайнап тур. Фасад өзгерди. Бас корпустың безеў жумыслары да басқаша сыпат алды. Ҳәтте, жаңадан ҳәжетхана салдырыўды да ең дәслеп қолға алғанымды айтыўым керек. Сондай-ақ, психологиялық атмосферада да бир қанша өзгерислер болды, деп айта аламан. Бурын проректор болып ислеген ис-тәжирийбем бул жумысларды дурыс шөлкемлестириўде қол келди.

Тәрбияшы өзи тәрбияланған болыўы керек

 

– Тәрбияшы, муғаллим, устаздай ең ҳүрметли кәсип ийелеринде бүгинги күни дәмегөйлик сезими пайда болып атырғаны сыр емес. Оған қарсы гүрестиң тийимли усыллары қандай деп ойлайсыз?

– Үлкен жәмәәтте бундай ҳәдийсе ушыраспайды, деп айта алмайман. Институтта «Әдалат қутысы» орнатылған. Буған студентлер аноним түринде дәмегөй, билимди дурыс баҳаламайтуғын муғаллимлер туўралы пикирлерин таслайды. Комиссия жағдайды ҳәр тәреплеме үйренип шығады. Ҳақыйқатында солай екени мәлим болса, ескертиўлер жасайды. Өзи тәрбияшы бола турып тәрбияланбаған муғаллимлер конкурстан өте алмайды. Ал, ҳәр оқыў жылы жуўмағында жақсы көрсеткишлерге ерискен муғаллимлерге 40-50 процентке шекем жыл даўамында қосымша айлық бериледи. Бизде 100 мың сумға шекем айлық пенен ислейтуғын профессор-оқытыўшылар бар. Сессия жуўмақлары терең анализленеди, сабаққа қатнас ҳәр күни тексерилип барылады. Айрықша баҳа алған студентлер китапханадан, интернеттен турақлы пайдаланған ба, сабаққа толық қатнасқан ба, жазба жумысларын қай дәрежеде орынлаған, егер китап алмаған, интернеттен пайдаланбаған болса, қалай «бес» баҳасын алған? Бул мәселелер де анализ қылынады. Студентлер жақсы оқытатуғын муғаллимлерди биледи ҳәм сыйлайды. Илимий жақтан терең мазмунлы көргизбели қураллар менен тыянақлы билим берсең, талапшаң болып, әдил баҳаласаң, студент сени устаз деп қабыл алады ҳәм ҳүрметке сазаўар боласаң.

 – Өзиңиз студент ўағыңызда устазлар менен қарым-қатнасыңыз қандай еди?

– Қурбаш аға Айтбаев, Рахман аға Тилеўов, Пердегүл апалар жақсы муғаллимлер еди. Топарымыз бенен оларды күтә сыйлайтуғын едик. Ал, сөйлеген сөзине ис-ҳәрекети сәйкес келмейтуғын муғаллимлерди топарымыз бенен сыйламай, сыртынан ҳәр түрли лақап тағатуғын едик…

– Мәселен, қандай?

– Оны айтпайман.

 – Бүгинги жасларға тилегиңиз?

 Жаслар оқыйман, үйренемен, десе, көп информация алыў мүмкиншилигине ийе. Қымбатлы ўақытларын босқа жибермей, ҳәр қыйлы жағдайларға алаң болмай, көтериңки руўх пенен изленсе, оқыса, келешекте маман кадр болып жетиседи ҳәм руўхый бай, материаллық жақтан тәмийинленген инсан болыў өз қолларында турыпты, деп айтар едим.

 – Шын кеўилден берген жуўапларыңыз ушын миннетдаршылық билдириўге рухсат етиң.

Тамара Машарипова,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Журналистика» кафедрасының профессоры, филология илимлериниң докторы (DSc), доцент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги