Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев 21-22-июнь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Ташкентте болып өткен сөйлесиўлерде Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Илҳом Алиев Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасындағы стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары жанында еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм уйымлар арасында 18 ҳүжжетке қол қойылды. Аймақлараралық бирге ислесиў, санаат, халықаралық автомобиль қатнаўы, нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў, өсимликлер карантини ҳәм оның қорғалыўы тараўларындағы, әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиў бағдарламаасы солар қатарына киреди.

Қызғын ҳәм дослық сөйлесиўлер, Өзбекстан – Әзербайжан арасында қол қойылған, бирге ислесиўдиң бир қатар перспективалы бағдарларын қамтып алған ҳүжжетлер стратегиялық ҳәм әмелий шерикликти және де беккемлеўге хызмет етеди.

Сапардың екинши күни жоқары мәртебели мийман Хорезм ўәлаятына келди.

Оны Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев күтип алды.

Еки мәмлекет байрақлары, гүллер менен безелген Үргенш халықаралық аэропортында миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Буннан соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳом Алиев Хийўа қаласына барды.

Ташкентте болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекетимиз басшысы өзбек ҳәм әзербайжан халықлары қатнасықларының даңқлы тарийхы ҳәзирги көп қырлы бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратқанын атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, туўысқан халықларымыз әзелден барды-келди етип, бир-бириниң мәдениятын байытқан. 2500 жылдан зыят тарийхқа ийе Хийўа бунда әҳмийетли орын ийелеген.

Сол жағынан, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң бул әййемги қалаға сапары үлкен әҳмийетке ийе.

Ийшан қала бийбаҳа қала-естелик сыпатында дыққатқа ылайық. Бул жерде 120 дан аслам архитектуралық естеликлер бар. Соның ушын Хийўа қаласы 1990-жыл 12-декабрьде ЮНЕСКО Мәдений мийрас дизимине киргизилген.

Мәмлекет басшылары Ата дәрўазадан кирип, Көк минара, Әййемги арк сарайы, Шерғазыхан медресеси, Жума мешити, Тас ҳәўлини тамаша етти. Уламалардың музейи менен танысты.

Хорезмше қосық ҳәм аяқ ойынлардың атқарылыўы мийманларға көтериңки кейпият бағышлады.

Президентлер Ийшан қала жақынындағы Нурыллабай сарайын да барып көрди.

Бул комплексти 1884-жылы Хийўа ханы Муҳаммад Раҳимхон Феруз қурдырған. Кейин ала қосымша имаратлар да қурылып, бес ҳәўлиден ибарат. Сарайда ҳәм шығыс, ҳәм европаша усылдағы архитектура әжайып тәризде үнлескен. Және бир итибарлы тәрепи, ХХ әсир басларындағы көп ғана сиясий процесслер мине усы сарайда болып өткен.

Хийўаның мәмлекетшилик ҳәм илимниң раўажланыўында ийелеген орны, әййемги естеликлери ҳәм көркем өнери әзербайжанлы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Соның менен Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиевтиң елимизге мәмлекетлик сапары жуўмағына жетти.

ӨзА