Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев 21-июнь күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Дүнья жүзинде тили, үрп-әдетлери, мәденияты, ҳәттеки сыртқы көринисинен бир-бирине уқсап кететуғын миллетлер көп. Өзбек ҳәм әзербайжан халықларын мине усындай халықлар қатарына биймәлел қоса аламыз. Ҳәр еки миллет ўәкиллери бир-бирин сөзсиз түсине алады. Турмыс тәризимиз, дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримиз, халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм жазба әдебиятында уқсас тәреплерин көплеп ушыратыў мүмкин.

Бул еки уллы халықты шығармалар, мың жыллар даўамында бир-бирине байланысып келген уқсас тәреплери де бар. Халықларымыздың бирдей естелиги есапланған, «Авесто» китабы, сондай-ақ, халық аўызеки дөретиўшилигиниң өлмес дүрданалары саналған «Гөрўғлы», «Ашық Ғәрип», «Қорқыт Ата» дәстанлары мине усындай әзелий туўысқанлық ҳәм дослықтың айқын дәлийли болып есапланады. Өзбек музыкасының гүлтажы есапланған сийрек ушырасатуғын мақамларымыз ҳәм бийтәкирар Әзербайжан муғамлары арасындағы үнлес ҳәр еки халық арасындағы жақынлықты өзинде сәўлелендиреди.

Президентлердиң сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған әдил сиясаты себепли кейинги жылларда мәмлекетлеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди, халықларымыз дослығы және де беккемленди.

Әзербайжан Президентиниң мәмлекетлик сапар етиўи Гейдар Алиев атындағы жаңаланған көше ҳәм оның естелигиниң ашылыўынан басланды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген салтанатлы илажда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжанның улыўма миллий жетекшиси ҳәм дос әзербайжан халқына өз ҳүрметин билдирди.

– Президент Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға сапары Әзербайжан халқының улыўма миллий жетекшиси, өзбек халқының жақын досты Гейдар Алиевтиң атына аталған көшениң ашылыў мәресиминен басланғаны үлкен рәмзий мәниске ийе.

Ол инсан ХХ әсирдиң белгили сиясий ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы сыпатында тарийхқа кирди. Гейдар Алиевтиң талапшаң, күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм теңсиз жетекшилик сыпатлары себепли жас суверен мәмлекет барлық қыйыншылық ҳәм сынақларды мүнәсип жеңип өтти, – деди Президентимиз.

Өзбекстан басшысы Әзербайжанның улыўма миллий жетекшиси мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлары ҳәм туўысқан халықларымыздың тарийхый байланысларын избе-из беккемлеўге үлкен үлес қосқанын айрықша атап өтти.

Әзербайжан Президенти, өз гезегинде, бул сапар етиў оның пандемиядан кейинги дәслепки сапары екенин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан халқына Гейдар Алиевтиң жарқын естелигин қәстерлеп сақлаўға қаратылып атырған турақлы итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

– Әзиз туўысқанын Шавкат Миромоновичтен Ташкент орайында әкем Гейдар Алиевтиң естелигине бағышлап усындай көркем жерди жаратыў басламасы ушын оғада миннетдарман. Бизлер буны өзбек туўысқанларымыздың уллы жетекшимизге, улыўма тарийхымызға ҳақыйқый дослық мүнәсибети сыпатында қабыл етемиз. Бул пүткил Әзербайжан халқына ҳүрметтиң көриниси де болып есапланады, – деди Әзербайжан жетекшиси.

Мәресимде зыялылар, нуранийлар, әзербайжан ўатанласларымыз да шығып сөйледи. Олар Гейдар Алиев атындағы абат көше ҳәм қыябан туўысқан халықларымыз арасындағы беккем дослықтың жарқын белгиси екенин атап өтти.

Өзбекстанда әзербайжан миллетине тийисли 40 мыңға шамалас ўатанласларымыз жасап атыр. 2003-жылы Әзербайжан мәденият орайлары аўқамы шөлкемлестирилген. 2010-жылы Әзербайжан елшиханасы жанында Гейдар Алиев атындағы Әзербайжан мәденият орайының жаңа имараты ашылған.

Буннан кейин, Әзербайжан Президенти мәмлекетимиз жетекшисиниң басшылығында «Жаңа Өзбекстан» паркине келип, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Мәмлекетимизге келген жоқары дәрежедеги мийманлар тәрепинен бул монументке гүл қойыў мәресими дәстүрге айланғанын атап өтиў керек.

Көксарай резиденциясында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Еки елдиң мәмлекет байрақлары менен безелген майданда Әзербайжан Президентиниң атына ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды күтип алды.

Мәмлекет басшылары минберге көтерилди. Өзбекстан ҳәм Әзербайжанның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Мәмлекетлеримиз жетекшилери ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Мәресимде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан рәсмий делегацияларының ағзалары қатнасты.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен кейин Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиев тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы көп қырлы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў бойынша пикир алысты.

Еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Соңғы жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Қоспа кәрханалар саны 4 есеге көбейди.

2021-жыл сентябрь айында Әзербайжанда мәмлекетимиз автомобильлерин жыйнаў кәрханасының иске қосылғаны табыслы қоспа жойбарлардан бири болды. Келиўи алдынан өткерилген бизнес-форумда улыўма баҳасы ярым миллиард доллар муғдарында жаңа инвестиция ҳәм саўда келисимлерине қол қойылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери ушырасыў ўақтында еки мәмлекет аймағында нефть-газ, газ-химия, тоқымашылық, фармацевтика, виношылық ҳәм азық-аўқат тармақларында санаат кооперациясының перспективаларын додалады.

Транспорт коммуникациялары тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Транспорт коридорларын раўажландырыў, жүк тасыў тарифлерин оптималластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў, биргеликтеги исбилерменлик ҳәм мәдений илажларды өткериў, туристлер алмасыўын көбейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық жағдай бойынша да пикир алысып, көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги жедел сөйлесиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў мәселелерин додалады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң сөйлесиўлери еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисти ашып, Әзербайжан Өзбекстанның жақын досты ҳәм ўақыт пенен сыналған, исенимли стратегиялық шериги екенин атап өтти. Мәмлекетлеримизди дин, руўхый қәдириятларының бирдей екени, дәстүрлер, тил ҳәм мәденияттың уқсаслығы байланыстырып турады.

Шавкат Мирзиёев өз-ара пайдалы бирге ислесиў жоқары дәрежеге шыққаны, мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланыслары ҳәм өз-ара аңласылыў беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклигин буннан былай да кеңейтиў ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыўға умтылысы исенимли екенин тастыйықлады.

Өзбекстан Президенти бирге ислесиў ушын үлкен потенциалды иске қосыў, еки мәмлекет экономикасын толықтырып туратуғын факторлардан пайдаланыў зәрүр екенин атап өтти.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы өз-ара саўда көлемин арттырыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, виношылық, азық-аўқат, қурылыс, нефть-газ, газ-химия, фармацевтика, агросанаат ҳәм басқа да тармақларда бир қатар жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етти. Мәмлекетлеримизде перспективалы кооперация жойбарларын ислеп шығыў ҳәм алға қойыў мақсетинде қоспа Инвестициялық фондты шөлкемлестириўге келисип алынды.

Сондай-ақ, өнимлерди үшинши мәмлекетлер базарына экспорт етиў ушын мәмлекетлеримиз аймағындағы еркин экономикалық зоналарда қоспа жойбарларды әмелге асырыў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Усы мәнисте, транспорт коммуникациялары системасынан, соның ишинде, «Баку – Тбилиси – Қарс» темир жолынан пайдаланған ҳалда бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары келисип алынды. Еки тәреплеме саўда ҳәм товарлар транзити жолындағы тосқынлықларды өз ўақтында сапластырыў ушын транспорт министрлери басшылығындағы арнаўлы жумысшы топар дүзиледи.

Бирге ислесиўдиң және бир перспективалы бағдары – аўыл хожалығы. Бул бағдардағы имканиятлар атап өтилип, жуўапкер министрлерге пиллешилик кластерин шөлкемлестириў, пахташылықтағы жойбарларды алға қойыў, инновациялық қолланбаларды енгизиў бойынша «жол картасы»н келисип алыў тапсырылды.

Көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўде аймақлар арасындағы тиккелей байланыслар әҳмийетли орын ийелейди. Тәреплер жақын ўақытта мәмлекетлеримиз пайтахтлары ҳәм ири қалалар өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойыўға келисип алды. Мәмлекетимиз басшысы усы жылы Ташкент қаласында биринши Аймақлар форумы ҳәм олардың санаат потенциалына бағышланған көргизбени өткериў усынысын алға қойды.

Туризм тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў де исбилерменлик ҳәм гуманитарлық байланыслардың және де беккемлениўине хызмет ететуғыны атап өтилди. Президентлер бул бағдарда өз алдына бағдарлама қабыл етиў ҳәм қоспа туризм ярмаркасын өткериў идеясын қоллап-қуўатлады.

Сөйлесиўлер ўақтында мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў, соның ишинде, Мәденият ҳәм кино күнлерин өткериў, жоқары оқыў орынлары, илимий мәкемелер, спорт ҳәм жаслар шөлкемлери арасындағы байланысларды күшейтиў бойынша бир қатар басқа да келисимлерге ерисилди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Илҳам Алиев Өзбекстан Республикасы менен Әзербайжан Республикасы арасындағы стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары жанында еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм уйымлар арасында 18 ҳүжжетке қол қойылды. Аймақлараралық бирге ислесиў, санаат, халықаралық автомобиль қатнаўы, нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўларындағы бирге ислесиў, әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер және туризм тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы усылар қатарына киреди.

Бул ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы бирге ислесиўдиң бир қатар перспективалы бағдарларында әмелий шерикликти беккемлеўге хызмет етеди.

Жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын өткерилген брифингте Президентлер сөйлесиўлер ашық-айдын, өз-ара исеним, түсиниў ҳәм дослық руўхында өткени, қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларының мәплерине хызмет ететуғынын атап өтти.

Мәмлекетлемиз басшысы Әзербайжан делегациясын қызғын қутлықлап, еки халық қатнасықларының даңқлы тарийхы бүгинги көп қырлы бирге ислесиў ушын беккем ирге тасы қойылғанлығын жаратқанын атап өтти.

– Руўхый қәдириятларымыз, динимиз бир, мәденият ҳәм тилимиз уқсас, – деди Шавкат Мирзиёев. – Аҳмад Фарғаний ҳәм Абиў Райхан Беруний шығармаларында Әзербайжанның шығыс ҳәм батыс цивилизациясы бир-бирин байытқан көплеген қалалар тилге алынған.  Шығыстаныў институтының фондларында болса Низамий, Ҳақаний, Тусий, Физулий, Хатоий ҳәм басқа да әзербайжан шайыр ҳәм ойшылларының онлаған сийрек ушырасатуғын қолжазбалары қәстерлеп сақланбақта.

Бул өзбек халқы әзелден әзербайжан мәдениятына үлкен ҳүрмет ҳәм қызығыўшылық билдирип киятырғанының және бир дәлийли болып есапланады, деп атап өтти Өзбекстан жетекшиси.

– Тар ҳәм кеңейтилген қурамдағы ушырасыўларда еки тәреплеме күн тәртибиндеги мәселелерди толық додаладық. Сөйлесиўлер бирге ислесиўлеримизди халықларымыз мәпи жолында буннан былай да ҳәр тәреплеме беккемлеўге таярлығымызды көрсетти. Салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылды. Олар арасында еки тәреплеме қатнасықларда жаңа басқышты баслап беретуғын Стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы декларацияға қол қойылды. Бизлер бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын да белгилеп алдық, – деди Шавкат Мирзиёев.

Тәреплер бирге ислесиўди түп-тийкарынан жеделлестириў ушын кең имканиятлардың бар екени, бәринен бурын, экономикаларымыздың бир-бирин толықтырып турыўына исеним билдирди.

Гаджигабул қаласында автомобиль ислеп шығарыў жолға қойылғаны, пиллешилик тараўындағы бирге ислесиў раўажланып атырғаны буған мысал. Қазып шығарыў, нефть-химия, фармацевтика, қурылыс материаллары, таяр тоқымашылық өнимлери, азық-аўқат, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, виношылықта онлаған жаңа жойбарлар ислеп шығылмақта.

Гезектеги стратегиялық бағдар – стратегиялық коммуникацияларды раўажландырыў. Бүгин жүклерди, соның ишинде, «Баку – Тбилиси – Қарс» темир жолы арқалы тасыў көлеми артып бармақта. Тәреплер жаңа коридорларды шөлкемлестириў, мультимодаль тасыўларды көбейтиў, транспорт кәрханалары ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келисип алды.

Климатқа байланыслы қәўип-қәтерлер ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги машқалалары күшейип атырғанын есапқа алып, сөйлесиўлерде аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Илимий ҳәм инновациялық шешимлер менен жедел алмасыў, аграр тармақты санластырыў бойынша шерикликти жолға қойыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға қарар етилди.

Сөйлесиўлерде аймақлараралық байланысларды жеделлестириўге де айрықша тоқтап өтилди. Оған усы жылдың гүзинде Ташкент қаласында биринши Аймақлар форумының өткерилиўи хызмет етеди.

Мәдений-гуманитарлық тараўда да мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз әзелден тығыз бирге ислесип келмекте. Сөйлесиўлер жуўмағында Мәденият ҳәм кино күнлерин өткериў, гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўына байланыслы бағдарламаларды раўажландырыўға келисип алынды.

– Әзербайжан Президентиниң тарийхый әҳмийетке ийе мәмлекетлик сапары алдынға тасланған үлкен қәдем болып есапланады. Бүгин биз дос халықларымыздың дослығын және де беккемлеў ҳәм мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигин тереңлестириў ушын барлық шараятларды қәлиплестирдик, – деди Өзбекстан Президенти.

Президент Илҳам Алиев мирәт ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан ерисип атырған жетискенликлерден қуўанышлы екенин атап өтти.

– Туўысқан Өзбекстан жеринде болып турғанымнан, Сиз бенен еки тәреплеме қатнасықлардың кең шеңбери ҳәм сыртқы сиясий күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалаўдан қуўанышлыман, – деди Илҳам Алиев. – Бул ҳақыйқатында да табыслы сапар деп ойлайман. Себеби додаланған темалардың мәниси, түри, мазмуны бойынша да, бизлер қабыл етилген қарарлар бойынша да бул сапар етиў ҳәм келисимлер қатнасықларымыздың буннан былай да раўажланыўына тийкар болады.

Әзербайжан жетекшиси қол қойылған ҳүжжетлер ҳәм бүгинги ўазыйпалардың орынланыўы мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды және де беккемлейтуғынын атап өтти.

– Бүгин биз экономикалық бирге ислесиў, бизнес структуралары арасындағы байланыслар, қәўипсизлик ҳәм қорғаныў қәбилети, мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳаққында пикир алыстық. Яғный, кең мәнисте айтатуғын болсақ, жедел бирге ислесиўимиз ушын тийкар жаратылмақта, – деди Әзербайжан Президенти.

Мәмлекет басшылары халықаралық структуралар шеңбериндеги өз-ара сөйлесиў конструктивлик жағдайда өтип атырғаны ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенин атап өтти.

Буннан кейин Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев мәмлекетимиз басшысының басшылығында Ташкент қаласындағы Технопаркке барды.

Көксарайда болып өткен сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасында санаат кооперациясын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Елимиздеги еркин экономикалық зоналар, технопарклер буның ушын қолайлы майдан.

Пайтахтымыздағы Технопаркте улыўма баҳасы 365 миллион доллар муғдарында 17 жойбар жолға қойылған. Бүгинги күнде соннан 13 и иске қосылған болып, электрон газ есаплағыш, музлатқыш, санаат кондиционерлери ҳәм суўытыў системалары, лифт ҳәм эскалаторлар, суў насослары, есик ҳәм айналар ушын аксессуарлар таярланбақта. Бул товарлар сырт елли брендлер қадағалаўы астында таярланыўы себепли регион базарларынан орын ийелемекте.

Усы жылы изоляция өнимлери, суў ысытыў үскенелери, асхана техникасы кәрханалары ҳәм логистика орайы пайдаланыўға тапсырылады.

Әзербайжан Президенти де мийманларға бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң абзаллықлары ҳаққында айтып берди.

Мәмлекет басшылары санаат тараўының жуўапкерлерине биргеликте ислеп, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, санаат кооперациясы ҳәм саўданы кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев Көксарай резиденциясында Ҳүрметли мийманлардың қыябанына терек отырғызды.

Бул сапарға узақ ҳәм пуқта таярлық көрилген еди. Ерисилген нәтийжелер усыған мүнәсип болды – еки мәмлекеттиң бирге ислесиў келешегине беккем ирге тасы қойылды.

Мәмлекет басшылары еккен дарақ бул жаңа режелердиң, халықларымыз дослығының рәмзи сыпатында гүллеп-жаснайды.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы