Быйылғы жылдың өткен январь айында республикамыз бойынша 70 өрт болып, оннан көрилген зыян 537,7 миллион сумды қурады.

-Бул өртлердиң келип шығыў себеплери таллап көрилгенде, көпшилиги отқа итибарсызлық пенен қараў, жылытыў печьлери менен электр үскенелериниң насазлығынан, балаларды қараўсыз қалдырып кетиў салдарынан келип шыққан,-дейди Қарақалпақстан Республикасы  Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасының аға инженери Жаңаберген Пиржанов.-Соннан 61 өрт пуқаралардың турақ жайларында болды.

Мысал келтирип өтетуғын болсақ, усы жыл 5-январь күни пайтахтымыздағы «Мәденият» көшеси 34-жайда  өрт болып, оның ақыбетинде турақ жайдың бастырмасы, үй мүлклери, еки дана автомашина  толығы менен жанып кетти. Бул өрт «Нексия» маркалы автомашинаның газ баллонының ҳәдден тыс толтырылғанлығы себебинен келип шыққан. Сондай-ақ, 16-январь күни электр ток сымларының қысқа тутасыўы нәтийжесинде Төрткүл районы «Гөне Төрткүл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Р.Ю. исмли пуқараның турақ жайында өрт болды. Нәтийжеде турақ жайдың бастырмасы жанып кетип, материаллық зыян келтирилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-майдағы «Ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық ҳәптениң ҳәр сәршемби күни «Өртлер профилактикасы күни» өткерилмекте. Бул илажларда жүз берген өртлердиң келип шығыў себеплери ҳәм олардың алып келген шараятлары талқыланып, кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.