«Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгенинен соң халықтың көпшилиги тәрепинен бүйрек ҳәм баўыр трансплантациясы мәселесинде мүрәжатлар саны артқан.

Сонлықтан  «Инсан ағзалары ҳәм тоқымаларының трансплантациясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам таярланған.

Сенат жалпы мәжилисинде додаланған бул нызамда трансплантация тараўында нызамшылық нормаларын бузғаны ушын Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине, сондай-ақ, «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы және «Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, инсан ағзалары ҳәм тоқымаларын алыў, трансплантация етиўдиң белгиленген шәртлери және тәртибин бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, қайтыс болған адамның ағзаларын ямаса тоқымаларын ол тири ўақтында келисимин алмай турып, илимий ямаса билимлендириў мақсетлеринде бузылмайтуғын ҳалда сақлаў ушын алғаны, инсан ағзаларының ҳәм тоқымаларын алып-сатыў менен шуғылланыў, инсанның ағзаларын ҳәм трансплантация етилетуғын тоқымаларын Өзбекстан Республикасынан сыртқа алып шыққаны ушын жуўапкершилик белгилеў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, көпшиликти қәўетерлендирип атырған инсан ағзалары ҳәм тоқымаларын алыў мақсетинде адам урлаў ямаса адам саўдасы менен шуғылланғаны ушын да жуўапкершилик белгиленбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги