Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери қоспа жойбары – «Бир миллион өзбек программистлери» қоспа жойбарының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Бирлескен Араб Әмирликлериниң Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллоҳ ал-Гаргавий, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм министрликтиң жуўапкерлери ҳәм сырт елли мийманлар қатнасты.

Атап өтилгениндей, еки мәмлекет басшыларының басламалары себепли мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў, медицина, әсиресе, мәлимлеме технологиялары тараўларындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып бармақта. Бундай бирге ислесиў шеңберинде мәлимлеме технологиялары тараўында соңғы үш жылда еки үлкен жойбар нәтийжели әмелге асырылды. Булардан бириншиси мәмлекетлик мобиль қосымшаларды жаратыўға қаратылған «ЭмГовЭворд» жойбары болса, екиншиси «Бир миллион өзбек программистлери» жойбары болып есапланады.

Ҳәзирги күнде «Бир миллион өзбек программистлери» жойбары пүткил республикамызды қамтып алды. Бул жойбар Мәмлекетлик бағдарламаларда Жаңа Өзбекстанды қурыўдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында өз көринисин таппақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёев кең көлемли реформалар шеңберинде мәлимлеме технологиялары тараўын тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгилеп, «Бир миллион өзбек программистлери» жойбарына да айрықша итибар қаратпақта. Бул өз гезегинде, мәмлекетимиз халқының көп бөлегин усы жойбарға тартыўда әҳмийетли түртки болды.

«One Million Uzbek Coders» (ОMUK) жойбары халыққа программаластырыў ҳәм санлы технологиялар менен ислесиўге байланыслы көнликпелерди усыныўға бағдарланған бийпул онлайн платформа есапланатуғынын атап өтиў керек. Платформа мағлыўматлар анализи (Data Analysis), Аndroid ҳәм front-end пенен full-stack программаластырыў сыяқлы төрт ҳәммеге ең қолайлы бағдарды өз ишине алады.

Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде «One Million Uzbek Coders» бағдарламасы бойынша билим алыў ушын дизимнен өткен студентлердиң улыўма саны 2 миллион 500 ден артты. Олардан 1 557 977 қатнасыўшы сыпатында, 1 175 933 и болса оқыў курсын табыслы тамамлағаны бойынша сертификатларға ийе болды. Қуўанышлы тәрепи сонда, жойбар қатнасыўшыларының 90 проценти мектеп оқыўшылары, 47 процентин болса қызлар қурайды. Ўәлаятлар кесиминде порталда дизимнен өткен пайдаланыўшылар саны бойынша Хорезм, Наманган, Әндижан ҳәм Самарқанд ўәлаятлары жетекшилик етпекте.

Сыйлықлаў мәресиминде жойбарды әмелге асырыўда ерисилген жетискенликлер ҳәм нәтийжелер, мәлилеме технологиялары тараўында профессионал раўажланыў ушын дәслепки қәдем сыпатында хызмет еткен «One Million Uzbek Coders» питкериўшилериниң гүрринлери ҳаққында видеороликлер көрсетилди.

Буннан кейин жойбардың «Ең белсенди аймақ», «Ең белсенди университет», «Ең белсенди мектеп», «Ең белсенди муғаллим», «Ең белсенди студент», «Ең белсенди шаңарақ» номинациялары бойынша жеңимпазлар сыйлықланды.

Солай етип, Холовлар шаңарағы «Ең белсенди шаңарақ», Хорезм ўәлаяты «Ең белсенди аймақ», Қашқадәрья ўәлаяты Косон районы 9-қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби «Ең белсенди мектеп», Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университиниң Үргенш филиалы «Ең белсенди университет», Самарқанд ўәлаяты Самарқанд ўәлаяты IТ Park аймақлық филиалы стартап менеджери Бобомурод Тошбоев «Ең белсенди муғаллим», Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университиниң питкериўшиси Фарруҳ Салиев «Ең белсенди студент» номинациясы жеңимпазы болды. Жеңимпазларға «Coursera» платформасында оқыў ушын жыллық лицензиялар ҳәм саўғалар тапсырылды.

– 1 мың 865 студентимиз жойбар шеңбериндеги бағдарламаларды табыслы жуўмақлағаны ҳаққындағы сертификатты қолға киргизди, – деди Ташкент мәлимлеме технологиялары университиниң Үргенш филиалының директоры Мақсудбек Бойжонов. – Әлбетте, бул бизлер ушын үлкен жетискенлик болып есапланады. Бүгин сыйлықлаў мәресиминде бул жетискенликлердиң даўамы сыпатында «Ең белсенди университет» номинациясы бойынша жеңимпаз болдық. Жоқары оқыў орнымыз Ҳиндстан, АҚШ, Россия, Беларусь Республикасы, Қытай, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жолға қойған. Оқыў процесине сырт ел профессор-оқытыўшыларын да тартқанбыз. Бүгинги күнде питкериўшилеримиз сырт елдиң ең жетекши жоқары оқыў орынларының магистратура ҳәм докторантура басқышларында оқып атыр.

Жеңимпазлар арасында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университиниң питкериўшиси Фарруҳ Салиев те бар. Ол ҳәр қыйлы тараў ҳәм бағдарларда 10 нан аслам мобиль қосымша ислеп шыққан.

– Мен бул илажда қатнасқанымнан оғада қуўанышлыман, – деди «Ең белсенди студент» номинациясының жеңимпазы Фаррух Салиев. – Uzbekcoders.uz платформасындағы Андроид бағдары бойынша курсты тамамлап, жоқары нәтийжелерге ерисе алдым, деп биймәлел айта аламан. Себеби, бүгинги күнде андроид системасында қосымшалар ислеп шықтым ҳәм 10 нан аслам қосымшаларым табыслы әмелге асырылды. Ең ғалаба ен жайған қосымшаларым қатарында – Alba Chat, Ucell Uzbekistan, Screen Saver, Admire, Mediabayди айтыўым мүмкин. Бүгинги күнде қосымшаларымды 20 000 нан аслам пайдаланыўшылар жүклеп алған. Бурын мен фрилансер болып жумыс ислегенмен, ҳәзирги ўақытта болса мобиль қосымшалар ислеп шығаратуғын ири жеке меншик фирмада жумыс алып барып атырман. «Бир миллион өзбек программистлери» жойбары, атап айтқанда, Uzbekcoders.uz платформасысыз булардың ҳәммесине ерисе алмайтуғын едим. Себеби, мине усы жойбар арқалы мен өзим ушын мәлимлеме технологияларының қызықлы дүньясын жараттым. Әлбетте, биз, жасларға бундай шараятлар жаратып берген мәмлекетимиз ҳүкимети ҳәм «Бир миллион өзбек программистлери» жойбарының тийкарын салыўшыларына миннетдаршылығымды билдиремен.

Илажда Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң биринши курс студенти Жамшид Холиқулов да өзиниң алған тәсири ҳаққында айтып өтти.

– Мен бул жойбарда қатнастым ҳәм сертификатқа ийе болдым. Әпиўайы етип айтқанда, бул сертификатты алыўым сайт жаратыўдың дәслепки көнликпелерине ийе болғанымды билдиреди. Жойбар IT технологияларына қызығыўшылығымды және де арттырды. Келешекте бул тараўдың жетик қәнигеси болып жетилисип шықпақшыман, – деди ол.

Мағлыўмат орнында, 2021-жылы «One Million Uzbek Coders» питкериўшилери ушын Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте улыўма сыйлық қоры 100 000 миллион долларды қурайтуғын 3 жарыс, яғный Спорт программаластырыў, «Open Data Challenge» ҳәм «Students Cup» чемпионатлары өткерилген. Жойбардың белсенди қатнасыўшылары арасында сыйлықлаў қоры 6 мың долларды қурайтуғын онлайн таңлаў өткерилип, онда 12 мың адам қатнасты. Буннан тысқары, «One Million Uzbek Coders» бағдарламасы шеңберинде 7 таңлап алыў басқышы өткерилип, IТ-тәлим бойынша 250  «Nanodegree» грантының ийелери анықланған.

«Бир миллион өзбек программистлери» жойбары шеңберинде ерисилген жетискенликлер Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Келешекте бул жойбар мәмлекетимизди регионаллық IТ-орайына айландырыў жолында исенимли тийкар ўазыйпасын атқарады.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы