«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Олий Мажлис Сенаты, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай ҳәм Әдиллик министрлигиниң шөлкемлестириўинде усы жыл 13-17-октябрь күнлери елимиз бойлап «Белсенди пуқаралар ҳәптелиги» өткериледи.

Мақсет – 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыў перспективаларын додалаў,  сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларына қаратылып атырған итибар ҳәм олардың мәмлектимиздиң раўажланыўы бағдарында алып баратуғын жумыслары бойынша усынысларды ислеп шығыўдан ибарат.

Ҳәптелик даўамында мәмлекетимиздиң 18 қаласында форум, дөгерек сәўбетлесиўлери, додалаў, пикир алысыў, тренинг, марафон көринисиндеги 30 дан аслам илажлардың өткерилиўи режелестирилген.

Республикамызда усы фестиваль шеңберинде еки илаждың өткерилиўи режелестирилген.

«Белсенди пуқаралар ҳәптелиги» фестивалы шеңбериндеги  илажлар 13-июнь күни Әдиллик министрлигиниң мәжилислер залында «Пуқаралық жәмийети институтлары Өзбекстанда турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында» атамасындағы дөгерек стол сәўбетлесиўи менен басланды.

Оған Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери комитети, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, жаслар ислер агентлиги басқармасы қәнигелери, белсенди пуқаралар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Т.Романов ашты ҳәм алып барды.

Дөгерек сәўбетлесиўинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде соңғы жылларда әмелге асырылған кең көлемли демократиялық реформалар нәтийжесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының жумысларын қоллап-қуўатлаў арқалы тараўды жедел раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланып атырғанлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, жәмийетти жаңалаў, мәмлекетти модернизациялаўдың ҳәзирги басқышында пуқаралық жәмийети институтлары әҳмийетли орын тутады. Сонлықтан да, мәмлекетимизде оларды және де раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўын күшейтиўге қаратылған избе-из сиясат пуқаралық жәмийетиниң ажыралмас бөлеги болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң орны ҳәм әҳмийетин барған сайын арттырмақта.

«Белсенди пуқаралар ҳәптелиги» фестивалы реформалар процесслериниң барлық қатнасыўшылары ушын конструктив сәўбетлесиў-пикирлесиў майданы болып, олардың ис-ҳәрекетлерин бирлестириўге, Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин және де раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға хызмет етеди.

Дөгерек сәўбетлесиўинде пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги